Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң орайлық аппаратында ҳәм аймақта айырым басшылық лаўазымларына тайынлаўлар әмелге асырылды, деп жазады Дарё.

Подполковник Орынбаев Аманбай Тлеубаевич Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Подполковник Очилов Хуршид Абдиназарович Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги