Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик инспекциясының қоспа қарары тийкарында халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары оқыў орынлары рейтингинде дәслепки 1000 лыққа киргизилген жоқары оқыў орынларының дизими тастыйықланды.

Дизим төмендеги халықаралық шөлкемлердиң рейтинги тийкарында дүзилди:

ARWU – The Academic Ranking of world Universities;

THE – Times Higher Education;

QS – Quacquarelli Symonds World University Rankings.

Рейтингде дәслепки 1000 орынды ийелеген жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетлерин нострификациялаў (эквивалентлигин дизимге алыў) тиккелей (арнаўлы сынақларсыз) әмелге асырылады.

Қоспа қарар тийкарында тастыйықланған халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары оқыў орынлары рейтингинде дәслепки 1000 лыққа киргизилген жоқары оқыў орынлары 2018-жылы жәрияланған дизим тийкарында қәлиплестирилген және гезектеги рейтинг жәрияланғанға шекем әмел етеди.

1000 лыққа кирген жоқары оқыў орынларының дизими менен төмендеги силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин:

https://t.me/eduuz/488

 

Еслетип өтемиз, алдын бул дизимге ең жақсы көрсеткишке ийе 500 жоқары оқыў орны киргизилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.