Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармаларына дәри-дармақлар және медициналық буйымлар ушын қаржылар ажыратылады.

Мәмлекетлик медицина шөлкемлерин ҳәм республика халқын дәри-дармақлар және медициналық буйымлар менен тәмийинлеўге байланыслы илажлар ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, 2019-жылғы Мәмлекетлик ҳәм жергиликли бюджет есабынан:

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармаларына дәри-дармақлар және медициналық буйымлар ушын қаржылар ажыратылады;

мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң қәрежетлеринде дәрилер ҳәм медициналық буйымлар ушын режелестирилген бюджет қаржылары аймақлық денсаўлықты сақлаў уйымларына қәрежетлер сметасының тийисли қатарында жәмленеди.

«O‘zmedimpeks» МУКқа дәрилер ҳәм медициналық буйымларды жеткерип бергенлиги ушын республика бюджетинен қаржылар ажыратылады.

 

ӨзА