XXI  әсир технологиялар әсири. Илим – техника раўажланған сайын излениўлер де артады. Бул өз гезегинде жаңадан-жаңа инновациялық идеялардың пайда болыўына хызмет етеди.

 Бүгинги күнде жасларымыз заман менен теңдей қәдем таслап, жаңаша көз қарасқа ийе болып, заманагөй инновациялық идеяларды ойлап таппақта. Усындай жасларымыздың бири Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалының  «ИКТ тараўында кәсиплик билимлендириў»  бағдарының 2-басқыш  студенти  Жарас  Султанов.

Ол қарақалпақ тили грамматикасы бойынша жаңа инновациялық бағдарлама ислеп шықты.

Жарастың бундай инновациялық жаңалықты ойлап табыўына интернет тармағында «Android» системасынан  пайдаланған ўақытта  «Play market» бағдарламасында программалар тийкарынан рус ҳәм инглис тиллеринде екенлиги, онда қарақалпақ тилиниң дерлик жоқ екенлиги түртки болып, бул бағдарламаға қарақалпақ тилин киргизиўди өз алдына мақсет етип қойды. Арадан көп ўақыт өтпей «Қарақалпақ тилин үйретиўши» программаны ислеп шықты. (1-декабрь «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни»не арнап ислеп шықты.) Программа  «Тилге итибар, елге итибар» атамасы менен басланып, оның тийкарғы бөлиминде: қарақалпақ тилиниң тарийхый грамматикасы, фонетика, лексикалогия, морфология, синтаксистен ибарат болып, қосымша бөлимде электрон китапхана, нақыл-мақаллар, жумбақлар орын алған.

– Электрон китапханадан пайдаланыўшылар қарақалпақ тили бойынша соңғы жазылған китаплар, өзгерислер, программаны ислеп шығыўда пайдаланылған әдебиятлар менен танысыўы мүмкин. Соның менен бирге, бул китап бойынша мағлыўматларды оқыўыңыз ҳәм оны көширип алыўыңызға да болады, – дейди Ж.Султанов. – Нақыл-мақалларды программаға киргизиўдеги мақсет – жаслар арасында нақыл-мақалды пайдаланыўды кеңнен енгизиў, көп сөзди қысқа сөз бенен жеткерип бериўден ибарат. Жумбақлар болса-пайдаланыўшылардың интелектуаллық ойлап табыў  қәбилетин раўажландырыўға үлес қосады.

Мен қарақалпақ тилиниң белгили қәнигеси болмасам да, программаның мағлыўматлар базасын жаратыўда 30 дан аслам белгили қарақалпақ тилши илимпазлардың әдебиятларынан пайландым. Сондай-ақ, авторлар ҳаққында мағлыўматлар да берилген.

Программа бүгинги күнде қарақалпақ тили ҳәм рус тилинде ислемекте. Енди оны қарақалпақ жаслары ғана емес, ал сырт еллилерде көрип үйрениўи мүмкин.

Жас излениўши Жарастың тилимиздиң тазалығын сақлаўға болған жанкүйерлигин, оның тарийхын үйрениўге болған умтылысын көрип, оның буннан басқада келешектеги режелери менен қызықсындық.

– Ҳәзир мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тәрбияланыўшылары ушын қол телефоны арқалы қарақалпақ тилиниң әлипбесин үйретиўши программа үстинде ислеп атырман. Бәршемизге белгили кишкене балалар күнделикли турмысымызда қол телефонынан ҳәр түрли ойынлар ойнайды. Телефоннан утымлы пайдаланыў мақсетинде ойынлы әлипбе программасы үстинде жумыс алып барып атырман, – дейди Жарас Султанов. – Сондай-ақ, келешекте елимиздиң сулыў орынларының сүўретлери бойынша мағлыўмат, фото галерея жаратыў нийетиндемен. Тарийхый орынлар бойынша мағлыўмат, Арал теңизи ҳаққында тарийхый фактлер киргизиўди де мақсет етип қойғанман. Миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиз бойынша программа ислеп шығып, оны дүнья еллерине танытыўдай нийетлерим де бар. Бул арқалы елимиз туризмин раўажландырыўға өз үлесимди қоспақшыман.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентигиниң хабаршысы