25-февральдан баслап Өзбекстанда жүз мың сумлық купюра айланысқа енгизилди. Repost басылымы социаллық тармақларда тарқалған усы купюра ийелери тәрепинен сүўретке түсирилген фотоларды топлады.

Еслетип өтемиз, 100 мың сумлық банкнотаның тематикасы уллы илимпаз Мырза Улығбектиң жумыслары ҳәм оның астрономия илиминдеги табысларына арналған. Банкнотаның өлшеми 144х78 миллиметр болып, арнаўлы қорғалған қағазға басып шығарылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги