Фото: Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов жас жыраўды жеңиси менен қутлықламақта

Қарақалпақ көркем өнери менен мәдениятын дүньяға танытыўда жас жыраўлар айрықша белсендилик көрсетип киятыр. Республикадағы талантлы жас жыраўлардың бири Зинатдин Нуратдинов усы жылдың 28-31-октябрь күнлери Қазақстан Республикасының Алматы қаласында өткерилген «BRAVISSIMO» 3-халықаралық фестивалына қатнасып, онда «Алпамыс» дәстанын атқарып, алтын медаль алып қайтыўға мияссар болды.

З.Нуратдинов 1997-жылы Қоңырат районында туўылған. «Ер дайысына тартады» дегениндей Зинатдинниң дайылары көркем өнер тараўы пидайылары. Зинатдин балалықтан оларға ҳәўес етип, көркем өнерге ықласы бәлент болып өскен.

Ол райондағы Есемурат жыраў атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде оқып, устазы Бахтияр Қыдырбаевтан көркем өнер сырларын үйренеди. 2012-жылы пайтахтымыздағы мәденият ҳәм көркем өнер колледжине оқыўға кирип, ол жерде Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы Бақберген Сырымбетовқа шәкирт түседи. Ҳәзир Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының  3-басқыш студенти.

Зинатдин қобыз әспабы менен бир қатарда қарақалпақ ала мойнақ дуўтарын, гиржек, шынқобыз саз әспабларын кәмине келтирип шерте алады. Бир неше республикалық ҳәм халықаралық таңлаў-фестивальларға қатнасып, жетискенликлерге ерисип келмекте.

– Жыраўшылық өнери қарақалпақ көркем өнериниң ең дыққатқа ылайықлы өнерлеринен бири, – дейди талантлы жас жыраўдың устазы, Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов. Шәкиртлерим Жәнибек Пиязов, Саламат Аяповлар халықаралық дәрежеде танымалы болып киятыр, Зинатдин шәкиртимниң Қазақстан Республикасынан алтын медаль алып келгени биз ушын үлкен мақтаныш болды. Шәкиртлерим жыраўшылық өнери арқалы елимиздиң көркем өнерин дүньяға танытпақта.

Жыраўшылық өнери ата-бабаларымыздан әўладтан-әўладқа, шынжырма-шынжыр өтип келмекте. Ҳәзирги күнде «Алтын мийрас қоры» менен биргеликте Қарақалпақстан Илимлер Академиясының фондында сақлаўлы турған дәстанларды үйренип шығып, оны халқымызға еситтириў нийетиндемиз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы