Бүгин Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларынан ибарат Өзбекстан сайланды командасы оқыў-шынығыўлар жыйынын өткериў ушын Түркияның Анталия қаласына жөнеп кетти.

Ядыңызда болса, өткен жылдың бәҳәринде Россияда шөлкемлестирилген Меҳрибанлық үйлери тәрбияланыўшылары арасындағы жәҳән чемпионатында жерлеслеримиз бас сыйлықты қолға киргизген еди. Футболшыларымыз жарыс финалында Пакистан сайланды командасына қарсы гүрес алып барған ҳәм пенальтилер сериясына бола жеңиске ерискен еди.

Сайланды командамыздың алдында бул мәўсимде де әҳмийетли жарыслар тур. Жамшид Асадов бас тренерлигиндеги сайланды командамыз усы жылдың июль айында Польшада болып өтетуғын Меҳрибанлық үйлери тәрбияланыўшылары арасындағы жәҳән кубогына қатнасады.

Өзбекстан футбол ассосиациясы жумыс алып барып атырған барлық сайланды командалар сыяқлы бул сайланды команда ағзаларына да барлық шараятларды жаратып бермекте. Усы мақсетте Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларынан ибарат сайланды командамыз бүгин жыйын өткериў ушын Түркияның Анталия қаласына жөнеп кетти. Футболшыларымыз Анталияда 28-февральға шекем шынығыўлар алып барады.

Ойбек Юнусов, ӨзА