Пайтахтымыздағы «Түркистан» сарайында ғәзел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайы және шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күнине  бағышлап концерт бағдарламасы болып өтти.

Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген бул илажда Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы көркем өнер топарларының устаз көркем өнер ғайраткерлери ҳәм артистлери және жас атқарыўшыларының қатнасыўында музыкалық бағдарлама жерлеслеримиздиң итибарына усынылды.

Классикалық музыка өнеримиздиң раўажланыўында Наўайы ҳәм Бабурдың дөретиўшилик мийрасы өзине сай орын ийелейди. Олардың бийтәкирар ғәзеллери менен жырланатуғын музыкалық шығармалар көркем өнер ықласбентлериниң кеўил мүлкине айланған. Ҳәзирги ўақытта бул музыкалық дөретпелер жетиклиги, бийтәкирарлығы, терең ҳәм жоқары көркем-философиялық руўхы менен де қәдирли.

Музыкатаныўшылардың пикиринше, уллы бабаларымыздың сөзлерине жазылған көркем жетик нама қосықлардың тыңлаўшылардың эстетикалық талғамын, музыка тыңлаў мәдениятын арттырыўда, ана тилимизге және де көбирек ҳүрмет ҳәм итибар менен қатнас жасаўда өзине тән орны бар. Наўайы ҳәм Бабур дөретиўшилигиндеги улыўмалық музыка, тарийх, сүўретлеў өнери, архитектураның раўажланыўына байланыслы дөретпелеринде, бул тараўлардың раўажланыўындағы ис-ҳәрекетлеринде және көркем-өнерге шексиз қәўендерлигинде ҳәм ғамқорлығында да айқын көринеди. Ҳәр еки дөретиўшиниң ғәзел ҳәм рубайыларының әжайып ырғағы бабаларымыздың зийреклигинен дәрек береди.

Поэзия ҳәм саз-сәўбет кешесинде көркем-өнер жәмәәтлери ҳәм вокалистлердиң қатнасыўында ҳақыйқый инсаныйлық пазыйлетлерди, жақсылықты, адамгершиликти, мийримлиликти, садықлықты жырлайтуғын қосықлар, йошлы аяқ ойынлар атқарылды.

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы