Қарақалпақстан Республикасы Экологиялық комитети Нөкис районлық инспекциясының биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бойынша мәмлекетлик инспекторы А.Бекбосынов тәрепинен усы жылдың январь-февраль айларында өткерилген рейд жумыслары нәтийжесинде бир қатар нызам бузыўшылықлар анықланды. Бул ҳаққында комитеттиң Facebook тармағындағы рәсмий каналы мәлим етти.

Хабарда жазылыўынша, Нөкис районы бойынша боян өсимлигиниң тамырын нызамсыз қопарып, 7342 килограмм боян тамырының жыйналғаны бойынша 10 факт анықланды. Ақыбетинде, тәбиятқа 14 883 502 сум зыян келтирилген.

Анықланған жағдайлар бойынша «Өзбекстан Республикасы өсимликлер дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызам, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги 290-санлы, 2016-жыл 26-март күнги 85-санлы қарары талапларын бузғаны ушын 14 пуқараның нызамсыз ҳәрекетлери бойынша тийисли ҳүжжетлер Нөкис районлық Ҳәкимшилик судына жиберилди.

Айғақлы зат ретинде алынған боян өсимлиги тамырлары мәмлекет пайдасына өткерилип, район аймағында жайласқан «Нукус экоплант экстракт» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.