Ўзбекистон – Грузия: иқтисодий масалалар бўйича музокаралар ўтказилди

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Бадриддин Обидов Грузия Сыртқы ислер министриниң орынбасары Александр Хвтисиашвили менен ушырасты.

Бул ҳаққында Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң  PR орайы хабар береди.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан менен Грузияның сыртқы сиясий уйымлары арасында сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң 11-раунды шеңберинде еки тәреплеме саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилген.

Онда тәреплер 2018-жылы мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеминиң өспегенлиги, сонын ишинде, пахта талшығын  жеткерип бериў көлеминиң азайыўы есабынан экспорттың төменлеўи бақланғанын атап өткен.

«Ҳәзирги ўақытта Грузияда транспорт инфраструктурасы, атап айтқанда, аэропортлар, жолларды қурыў ҳәм қайта оңлаў бойынша жумыслар тезлетилген пәт пенен алып барылмақта. Биринши терең суў портын қурыў жойбары бүгинги күнде қоңсы мәмлекетлерге жүк түсириў және тоқтап турыўға имкан беретуғын үлкен кемелерге жол ашады», деген Александр Хвтисиашвили ушырасыўда. Оның сөзлерине бола, тийкарғы порт Европа ҳәм Азия еллерине жүклерди тасыў ушын кең транзит имканиятларын жаратады.

Буннан тысқары, ушырасыўда Грузия тәреп мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўына өз үлесин қосыўға таяр екенин билдирген.

Сөйлесиўлерде Грузия Өзбекстанда виношылық, пахташылық, бағшылық сыяқлы жаңа жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға шақырылған.

Тәреплер күн тәртибиндеги мәселелер бойынша, атап айтқанда, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў жолы менен аўыл хожалығы, туризм, гидроэнергетика, транспорт, жеңил санаат ҳәм фармацевтика тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалаған ҳалда, еки мәмлекеттиң тоқымашылық ҳәм тигиўшилик кәрханаларының қатнасыўында бизнес-форум шөлкемлестириўди усыныс еткен, сондай-ақ, усы жылдың октябрь айында Тбилисидеги Уллы жипек жолы форумында өзбек ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлеўге келисип алған.

ӨзА