Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, 8-февраль күни Нөкис қалалық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетиниң «исеним телефоны»на Кегейли районында жасайтуғын пуқара Д.Бердимуратов мүрәжат еткен.

Ол өз мүрәжатында 2018-жылдың июнь айында естелик ушын курсласлары менен виньеткаға ҳәм питкериў кешесин видеоға түсириў ушын Нөкис қаласындағы «EVRO ASIA WEDDING» студиясына өз-ара келисим тийкарында буйыртпа бергенлигин көрсетип өткен. Яғный, 11 питкериўши көрсетилген хызмет ушын, жәми 1 миллион 480 мың сум ақшаны алдыннан төлеген.

– Пуқара Д.Бердимуратов өз арзасында усы күнге шекем студиядағылардың «ертең», «арғы күни» кел сыяқлы түрли бәнелерди айтып,  виньеткадан да, дисктен де дәрек болмағаннан кейин, тутыныўшы сыпатында олардан наразы екенлигин билдирген,-дейди Федерация қәнигеси Э.Ибраймова. – Усы мүрәжат бойынша арнаўлы тапсырмалар тийкарында үйрениў жумыслары алып барылып, мүрәжат өзиниң унамлы шешимин тапты. Питкериўшилердиң виньеткалары менен питкериў кешеси түсирилген видеороликлери алып берилди.

Питкериўшилер болса, жәмийетке өз миннетдаршылығын билдирмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.