Алдын хабар бергенимиздей, быйылғы жылы Мойнақ районында «Rally Muynak» жарысы өткерилиўи жобаластырылған.

New Muynak City каналының мәлим етиўинше, усы жылдың 6-февраль күни «Rally Muynak» жарысы өткерилетуғын жөнелис бойлап сынақ этапы болып өтти.

Мағлыўмат ушын, Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Үстирт платосынан өтетуғын маршруттың дәслепки узынлығы 363 километрди қурайды. Жарыс «Корабльлер қойымшылығы» естелик комплексиндеги Мойнақ маягынан старт алады ҳәм финиш сызығы да усы жерде болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги