Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлердиң жумысларын еле де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳүжжет жойбары жәрияланды.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардиясы және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң бир неше академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин әмелдеги штат бирликлерин толық сақлаған ҳалда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ийелигине бериў және олар тийкарында «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилиўи мүмкин.

Ҳүжжет тийкарында Нөкис қаласындағы Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицей Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейине айландырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.