Усы жылдың 28-январь күни саат 22:00лерде Қоңырат районында жасайтуғын К.С. ҳәм С.Д.лар «Рәўшан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өткен, «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған улыўмалық баҳасы 23 130 250 сумлық темир суў қубырларын урлап баратырған ўақтында ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен қолға алынған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери жүргизилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.