Материалларымыз арқалы хабар берилип атырғанындай, усы күнлерде Арал теңизиниң қурып қалған аймағында жасыл тоғайзарлар жаратыў мақсетинде алдын ҳеш бақланбаған үлкен көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәр күни 500 ден аслам техника ҳәм авиация жәрдеминде қарық тартыў, бароналаў ҳәм сексеўил туқымын себиў жумыслары орынланбақта.

Анық санларға мүрәжат ететуғын болсақ, усы күнге шекем Аралдың қурыған бөлегинде:

440 мың гектардан аслам жерге сексеўил егиў ушын қарық тартыў жумыслары орынланды;

162 мың гектардан аслам жерге 614 тоннадан аслам сексеўил туқымы себилди;

Соннан 98 мың 400 гектар жерге туқым авиация жәрдеминде себилди.

Сонны да айрықша атап өтиў керек, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, теңиздиң қурыған бөлегинде ҳәм Аралбойы аймағында экологиялық орталықты турақластырыў, халықтың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў, усы аймақларда хожалық жүргизиўдиң жаңа түрлерин енгизиў ҳәм раўажландырыў мәселелерине комплексли түрде қатнас жасалмақта. Яғный бир-бири менен үзликсиз байланыста болған, бир-бирин толықтыратуғын унамлы ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Мысалы ушын, 500 мың гектар майданда «Жасыл қалқан» жаратыў жумыслары менен бир қатарда жер астынан пайдаланыўға жарамлы, аўыл-хожалығы мақсетлеринде пайдаланыў мүмкин болған суў резервлерин излеп табыў, қудық қазыў, суў шығарыў ис-илажлары да көрилмекте. Қуўанарлысы сонда, Аралбойы халқының бүгини ҳәм узақ келешегин ойлап атырған мине усындай ийгиликли жумыслар өзиниң дәслепки нәтийжелерин бермекте.

Өткен ҳәпте соңында Мойнақтың арқа-шығыс бағытында 200 километрден артық қашықлықта, бурынғы Барсакелмес атаўы шығыс бөлегиндеги Шағала массивинде дәслепки қудықтан суў шығарылды.

Аралбойы халқына үлкен қуўаныш ҳәм үмит бағышлаған бул тарийхый ўақыя – суў көзиниң ашылыў мүнәсебети менен өткерилген салтанатлы илажда тийисли министрликлер ҳәм мәкемелердиң басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери, мойнақлылар ҳәм Арал теңизиниң суўсыз қалған жеринде мийнет етип атырған көмекшилер қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар жийналғанларды бул әҳмийетли жаңалық, ертенги күн ушын беккем исеним инәм ететуғын хошхабар менен қутлықлап, бул тарийхый ўақыя Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, аймақтағы социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, регионаллық суў ҳәм экология менен байланыслы машқалаларға шешим табыў жолында пүткиллей жаңа горизонтларды ашатуғынын, жаңадан-жаңа имканиятларды жүзеге келтиретуғынын атап өтти.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, артезиан қудығы жәрдеминде Қубла Аралалды артезиан бассейниниң Бор дәўири қатламлары арасынан, яғный 300 метр тереңликтен өз басымы менен секундына 10 литр суў шығып турыпты.

Халқымызда «Суў бар жерде, өмир бар», деп бийкарға айтылмаған. Бул нақылды шөл аймақларында жасаўшы адамлар, әсиресе, Аралбойы халқы, шарўалар басқаларға қарағанда тереңрек түсинеди, десек, қәтелеспеймиз.

Усы мәниде, Арал астынан суў шығарылыўы нәтийжесинде бул жерде ЖАҢА ӨМИР БАСЛАНАДЫ.

Бәринен бурын, Арал және Аралбойындағы экологиялық апатшылық ақыбетлерин сапластырыў бойынша алып барылып атырған ис-ҳәрекетлер буннан былай да жеделлеседи;

шөл шараятында және шөлистанлыққа шыдамлы ҳәм азықлық өсимликлердиң нәллерин жетилистириў бойынша оптимал орталық пайда болады;

аўыл-ҳожалығының әҳмийетли тармағы болған шарўашылықты жолға қойыў бойынша шексиз имканият ҳәм шараятлар жүзеге келеди – үлкен майданларда жаңа өнимдарлы жайлаўлар жаратылады, шарўашылық ҳожалықлары шөлкемлестириледи, бул жерде адамлар жасай баслайды, он мыңлаған адамлар жумыс пенен тәмийинленеди;

Аралда бай ҳайўанат ҳәм тәбият дүньясы қәлиплеседи, биоҳәртүрлилик сезилерли дәрежеде көбейеди. Бул болса, табийғый, экологиялық туризмниң жаңа тийкарда раўажаланыўында күшли түртки болады.

Әлбетте, Аралда суў болыўы менен биргеликте бул жерде жүзеге келип атырған жаңа имканиятлар ҳәм тармақлардың дизими еле де узақ даўам етиўи мүмкин. Бул бойынша пикир жүриткенде бир тәрепине айрықша итибар берип өтиў хәр тәреплеме орынлы болып табылады. Ол да болса, аймақта жаңа суў дереклериниң ашылыўы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасына айландырыў бойынша алға қойылған ийгиликли баслама және онда белгилеп берилген ийгиликли мақсет ҳәм әҳмийетли ўазыпаларды турмысқа еңгизиўде жүдә үлкен әмелий әҳмийетке ийе болады.

Усы мүнәсебет пенен иске түсирилген суў қудығы жанында ҳәзирги ўақытта және еки қудық буралып атырған болса, аймақта мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола усы жылдың 1-апрелине шекем Аралдың суўсыз қалған аймақларында жәми 50ге шамалас қудық қазылып, иске түсириледи. Буннан тысқары, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети ҳәм басқа да тийисли министрликлер ҳәм мәкемелер алдына Арал аймағында кең көлемде геологиялық излеў жумысларын алып барыў ўазыйпасы да қойылған.

Бул еле ҳәммеси емес. Президентимиз тәрепинен Аралбойы аймағындағы районларда өткен әсирде қазылып, суў шығарылған, бирақ жыллар өтиўи менен истен шығып, жарамсыз жағдайға келип қалған қудықларды қайта тиклеў бойынша тийисли шөлкемлерге айрықша көрсетпе де берилген.

Қулласы, Аралдың қурып қалған бөлегинде ҳәм Аралбойы аймағында қолайсыз экологиялық жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў, социаллық-экономикалық тараўларды раўажландырыўға қаратылған ири жойбарлар ҳәм бағдарламалар өз-ара үйлесикли избе-из әмелге асырылып атырғаны, анық ҳәм стандарт емес илажлар көрилип атырғаны апатшылықты жеңип өтиўдиң ең баслы факторына айланбақта.

Шағала массивинде суў шығарылғанлығы ҳаққындағы қуўанышлы хабар қудық жанындағы майданда үлкен байрамға айланып кетти. Сол күни бул жерге жыйналған ҳәр бир адам, аязлы саҳраның машақатларын биргеликте жеңип, сынақта болған, дос-яранлар, туўысқанларға айланып кеткен инсанлар, образлы етип айтқанда, Арал халқының жүзинде шүкиршилик, мақтаныш, үмит ҳәм исеним сезимлери және де толық сәўлеленди. Ақыры, Аралда және тиришилик тийкары – суўдың шаўқымы жаңа өмир нәўшелерин оятты. Әллеқашан күн батып, суўық самал қаншелли өз ҳүкимин өткериўге урынбасын, бул жерде жаңлаған қосықлардың сазасы шексиз Аралдың узақ кеңликлеринде жаңғырып турды.

ӨзА