Халықаралық илимпазлар топары уйқыға кетиўден алдын смартфоннан пайдаланыўшы балаларда уйқының шала болыўы ҳәм семириў қәўипи артыўы менен қәўетерлилик күшейиўин анықлады. Бул ҳаққында MedicalXpress баспасында мәлим етилген, деп жазады Kun.uz

Қәнигелер 11-12 жастағы 6616 баланы үйрениўдеги алынған мағлыўматларды анализлеп етип шықты. 70 проценттен көбирек бала кешки уйқыдан алдын кеминде бир саат смартфон ямаса экраны бар басқа қурылмадан пайдаланатуғынын айтқан. Сораў даўамында балалар бул ўақытта бөлмедеги жақтылық, қанша саат уйқылағаны ҳәм уйқыламағаны, уйқылаўға байланыслы машқалалардан жәбир шегиў-шекпесликлери ҳаққындағы мағлыўматларды да көрсеткен.

Анықланыўынша, шырағы жағылған үйде смартфоннан пайдаланған ямаса телевизор көрген балалардың 31 проценти көбирек жаман уйқылаған. Бул исти қараңғыда ислеген  балаларда уйқының бузылыў итималы 147 процентке көтерилген. Сондай-ақ, ўақтында уйықламаў  иммунитеттиң төменлеўи, түскинлик, қәўетерлилик ҳәм семириў менен байланыслы екенлиги көрсетилген.

Баҳалаўларға бола, дуньяда 90 процент жас өспиримлер күнине усыныс етилген 11 сааттан азырақ уйқылайды ҳәм қәнигелер буны гаджетлар тарқалғаны менен түсиндирмекте. Уллы Британияның өзинде 12 жастан 15 жасқа шекемги балалардың 98 проценти теливизор көрсе, 90 проценттен асламы смартфоннан пайдаланады.