(Болған ўақыя)

«Кийет» аўылындағы палўан мүшели Қудайберген атамыз аўзы дуўалы, ийман жүзли адам еди. Кешке жақын үйине жумыс бабы менен барғанымда үсти бастырмалы жаз шертеги астындағы «топ» болып жататуғын мыр-мырлаған тарғыл пышығы менен гезинде қасқырға айбат шеккен Бөрибасары аяқларын баўырларынан жаздырысқанларын көрип, ертеңги күн ашық-жарық боларын билдим. Атамыз жети ғазнаның бирине кирген ийт пенен пышыққа жүдә мийирман. Көшедеги қаңғымай, буралқы ийт, пышықлар үйине келсе тамақларын тойдырып жибереди.

Жолбарыс секилли жүнлес пышығы көзлери оттай жаныўы менен керилип-созылса көкиреги сырылдап, қулаққа жағымлы даўысы менен тынымсыз мыяўлар еди. Пышық жүдә сезимтал, сырлы мақлуқ. Алдын «қара пышық» кессе «жолым болмас» деп, изине қайтпайтуғын адам шенде-шен. Айтыўларынша, таза имарат қуратуғын орынға әўеле пышығын жиберип, «таза жер» ямаса «өли әрўақ» жабысқанларын денеси титиркенине қарап билген. Садалығы басым ийтке исм қойылса да пышықлар негедур атсыз…

Бурынырақта, армияда бирге хызмет еткен, дәрьяның арғы жүзиндеги жорасы баласын үйлендирип, тойына хабар жибереди. Үйшилик, қорасы малға толғаны менен жол кирейге қағаз ақша таппай албыраған. Жақын жерде болса бир қойын атына бөктерип я маңырата жетеклеп, салатанат тутып бармай ма? Ҳәптеде бир базар, оны да жаўын бузғанындай базар көрип, қой-ешки сатыстырыўға еле шанақтай үш күн бар. Аўыллық жерде жасайтуғынлар ишип-жейтуғынларын жерден өндиргенге шай-қант, басқа да керек затларын қолларына ақша түссе мол-молдан алып, базар шарўасын тындырып отырады. Қоңсы-қобалары да өзиндей, қарыз сорап барғаны менен сөзи сынарын биледи. Ақылы ҳайран болып отырса, Абылла почтальон «Балаларыныздың напақа пулын алың» деп кирип келген. Ҳәр айда ҳүжжетлерине қол қойдырып беретуғын жигирма еки сумы аспаннан түскендей болды. «Қолын бос кетпесин» деп бурынлары бир сум берсе, бул сапар қуўанғанынан үш сум услатыпты. Ертеңине, асыға-үсиге таң азаннан жыйынлық кийимлерин кийе сала жолға шығады. Район орайына шекем Үстирттеги геологларға труба тасыйтуғын аўыр жүк машынын айдаўшы Бектилла исмли қоңсысына илесип, кабинасына отырғанларын аўылласлары көрипти. Туйық минезли Бектилла көзиниң асты менен жалтақ-жалтақ қарап, «Тойдан қашан қайтасыз, аға?» деп бир нәрселерди айтқысы келгени менен тилин тислеп қалды.

Бектилла аўылындағы ертеректе өлип кеткен жуўазшы, Бақый исмли ағасының үйлендирип, басқа шығарған «атабийзар» баласы. Жасында тийгенге тийип, тиймегенге кесек атқан урныққырлығы есейе келе басылады. Таяқ таслам жердеги дөңес орынға қазып алған жер төлесине көшип келгели қазан-табақ алысатуғын жан қоңсысы. Кешқурын, жер төлесиниң басын қар-жаўын өтпеўи ушын бийдай топан менен қалыңлап сыбап, морыларын тазалап жүргенин көрип еди.

Сөйтип, бири тойға, екиншиси жумысқа асығып кететуғын түнде урлық болады. Көзи жоқтың өзи жоққа  салып, екеўи ойласып қойғандай азан менен кетискенлерине гүман туўдырыпты.  Райхан кемпир болса, «Жатарда, қорамдағы қойымды барластырып, ергенегин мықлап жаўған едим. Аўылға қасқыр шаппағаны менен «адамның қасқыры жаман» деп шыр-пыры шыққан.

Аўылдың дүмше молласы Турымға бир ўақытлары «Оразадағы жыйнайтуғын питир-садақаның пулы басқа мешит қәўимлерден неге зыят. Нәпсиңе ерк бере берме!» дегенлери кеўлине келип, дық сақлап жүрген усайды. Өш алыўдың рети келгенине қуўанып, «Қудайберген жаман адам, жүзи жылтырағаны менен жүреги қара! Жасында ҳүкиметке қарсы оқ атқан баспашы. Қойды сойып жеген. Из билдирмес ушын тойлап кеткенине» деп жала жаўып баслайды. Оған аўзына күши жетпегенлер «Тойға барыў ушын ақша таппай жүргенинен хабардармыз» деп қосыла пәзне басқан. Адамды от бәлеси, суў бәлеси, жала бәлелеринен сақласын. Қонақ келсе бас-басына атап қой сойғанлары, жарлы-жақыбайлардың мерекелерин саўысқанлардағы қолы ашық, сақыйлығы умыт болады. Райхан кемпирдиң бир жақсы жери милийсаға емес, палкерге барса «Оң қоңсың дейин бе, шеп қоңсың дейин бе, биреўи урлаған» деп қолына услатқандай етип айтады.

Еки күн той тойлап, аўылына арқайын келсе адам өлгендей ҳәмме аза тутысып отыр. Жөн-жосақты сорап, қулағын шыңлатқан Райхан кемпирдиң үйине барғанда кемсалыйқа көриседи. «Палға түстиң, қойымды урлап, сойып жегенсең, төле!» деп жыламсыраўы менен жағасына жармасыпты. Өзин ақлаў ушын ант-суў ишкени пайдасыз. Жалаға шыдамай «Қой урысын таўғанның сүйиншиси бир өгизше» деп жар салады. Ҳүждан азабы қыйнап, өлип-тирилген ҳәптесиниң сегизинши күни дегенде үйине урланған қойының терисин қолына услаған Райхан кемпир келип:

-Мени кешир, Қудайберген! Ҳақ екенсең, салпаң қулақ Бөрибасарың кешеден берли Бектилланың мал қорасын тимсикленип еди. Аяқлары менен жер тырнап, қойымның басы менен сасып кеткен ишек-қарнын шуқанақ геўлеп, суўырып алды, – дегеннен бара ийтиниң мойнынан қушақлап, жылап жибереди.

Мешкей, уры деген жақсы атпа? Ақланғаны ушын Райхан кемпирге бир қойын алағойға берип, басын жаладан арашалап алады. Турымнан басқа жасыүлкенлер топары ойласық қурғанда «аўыл-елдиң абырайын төгип, өзлеримизге сөз келтирмейик» пенен урлықтың ийисин шығармайды. Бектилланың уялған күни, бала-шағасын бир түнде көширген…

– Елеге дейин Бөрибасарым, ийт ийтлигини етпегенде бул истиң ақыры не менен питерине ақылым жетпейди, – деп атамыз бойына шапшып еркелегенге басын сыйпалап, ойшаң нәзерин көзлерине тикти…

 

Өмирбай Өтеўлиев,

жазыўшы, журналист