Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары шыққан еди.

Усыған муўапық, республикамыз аймағында 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди. Қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриледи.

Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Аңшылар ҳәм балықшылар жәмийети ҳәм басқа да тийисли мәкемелер және шөлкемлер қырғаўылларды қорғаў бойынша ведомостволық қадағалаў ҳәм олардың жасаў шараятын жақсылаў бойынша илажларды әмелге асырса, ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими олардың бас санын анықлаў мақсетинде тийисли уйымлар менен биргеликте жыллық есабын жүргизиў ҳәм биологиялық илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестиреди.

Ҳәзирги ўақытта ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ Тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институтының илимпазлары тәрепинен республикамыз аймағындағы қырғаўыллардың экологиясын ҳәм көбейиў процесин үйрениў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Биз қырғаўыллардың саны не ушын азайып кеткенин анықлаў ҳәм бул жағдайды қалайынша оңлаўға болады, деген сораўлар менен ӨзРИА Қарақалпақстан бөлимине мүрәжат еттик. Олардың берген мағлыўматларына қарағанда, республикамызда ҳәзирги ўақытта қуслардың 246 түри дизимге алынған. Солардың арасында ең баҳалы қуслардың бири бул – Қырғаўыл болып есапланады.

– Қырғаўыллар жасайтуғын жерлердеги соңғы жыллардағы қурғақшылықлар, ишимлик суўының азайыўы, қырғаўыл басқан мәйеклерден шөжелердиң аз шығыўына, көпшилигиниң бурыннан жасап киятырған жерлерин таслап суўлы, азықлы орынларды излеп дәрья, жап-салма бойларына, мәдений ғәлле атызларына умтылыўына себепши болмақта,-дейди ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ Тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институты директорының орынбасары, биология илимлериниң докторы, профессор С.Мамбетуллаева. – Ол жерлерде олар адамлар тәрепинен аўланып, көбиси майда жыртқышларға да жемтик болмақта.

Аралбойы регионындағы тәбияттың кейинги жыллардағы өзгерислерине байланыслы ҳәм 2016-2018-жыллардағы изертлеўлеримиздиң нәтийжелерине тийкарланып, биз қырғаўыллар жасайтуғын тәбийғый орталықты сақлап қалыў, оның санын көбейтиў мақсетинде қысқы ўақытлары оларды қосымша азықландырыў илажларын әмелге асырыўымыз тийис, деген пикирдемиз.

Олардың санын көбейтиў, турақлы сақлаў мақсетинде тоғайлықларға, дәрья, жап-салма бойларына қырғаўылларға керекли жабайы шөплерди егиў, олардың бурыннан жасап атырған тәбийғый өсимликли майданларын сақлап қалыў мақсетинде кеминде жылына еки мәрте суўғарып турыў, олар ушын суў ишиў орынларын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Бул жумысларда тек тийисли тараў хызметкерлери емес, ал пүткил халық белсене қатнасса мақсетке муўапық болар еди. Оларға тиймегениниң өзи үлкен жәрдем.

Қырғаўыл бойынша жақын еки жыллықта өткерген изертлеўлеримиз даўамында көплеген мағлыўматларға ийе болдық. Биздеги қырғаўыллар Арал теңизиниң қубла тәрепинде, Әмиўдәрьяның, оның тармақларының төменги тәреплеринде оға да көплеп ушырасады.  Бул қус отырықлы турмыс кеширеди. Көбинесе тоғайлы, путақлы жерлерде, қамыслықларда жасырынып жасайды.

Қыста олар қалың путалықлар менен қамыслықларға жасырынады, бәҳәр келиўи менен тарқала баслайды. Март-апрель айларында уя қурып, 22-23 күн даўамында 8ден 19 мәйекке шекем басып, шөжелейди. Август айларына келип, шөжелери дерлик үлкейип, аналарынан бөлекленип өз алдына жасай баслайды. Олар майда жәнликлерди, жабайы шөплердиң мийўелерин, жапырақларын, туқымларын, жийде, жигилдиклерди терип жеп күн көреди. Ҳәзирги ўақытта қырғаўыллардың ең тығыз жери Жалтырбас, Даўыткөл, Көктас көллериниң әтираплары болып есапланады.

Бул жерлерде орта есап пенен алғанда олардың тығызлығы бир квардрат километр жерге  бәҳәрде 5830, гүзде 7650 данадан туўра келеди.

Қарарда көрсетилген талаплар толық орынланса, республикамыздағы қырғаўыллардың саны 3-4 есе көбейеди, деген пикирдемиз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(Сүўретлерде: Қырғаўыл уясы, олар жасайтуғын жерлер ҳәм азықлық өсимликлери)