Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында институттың бир топар белсенди жаслары қатнасыўында студентлер арасында инновациялық идеялар ҳәм жаңа стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша семинар өткерилди.

Онда институттың филология факультети өзбек тили кафедрасы баслығы Ш.Юлдашева санлы экономика шараятында билимлендириў шөлкемлестириў, билимлендириў контентин жаратыў бойынша сабақлар, сондай-ақ, магистратура бөлими билимлендириўде мәлимлеме технологиялары қәнигелигиниң 1-курс магистранты А.Кеңесбаев Мойнақ районында ақыллы китапхана шөлкемлестириў бойынша жыйналғанларға презентация иследи.

Ақыллы китапхана заманагөй системалы комплекс болып, ҳақыйқый және виртуал пайдаланыўшылардың сораў ҳәм талапларына автоматластырылған және ярым автоматластырылған тәризде керекли информацияларды жеткерип бериў ушын хызмет етеди.
Китапхана раўажланған мәмлекетлердиң «Smart Library» типиндеги китапханаларын пуқта үйренген ҳалда, дүньялық стандартларға жуўап бере алатуғын көринисте исленеди.
Китапхана заманагөй электроникалық қурылмалар менен тәмийинленеди. Олар:
– Заманагөй телевизор;

– Планшетлер;

– Компьютер қурылмалары;

– Электрон доска;

– Жеке түрде китап оқыў ушын арнаўлы планшет;

– Китапханада бар болған китапты излеп таўып беретуғын бағдарлама;

– Электрон китаплар.

Соның менен бирге, сырт ел жоқары оқыў орынлары китапханалары менен виртуал байланыс жасаў арқалы сырт ел әдебиятларын китапханадан тиккелей жүклеп алыў мүмкиншилиги жаратылады.

Сондай-ақ, илаж даўамында студент-жаслар менен бирге сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.