Евроньюстиң хабар бериўинше, 26-январь күни БМШ қәўипсизлик кеңеси Венесуэладағы жағдайды додалаў ушын айрықша мәжилис өткерди.

Бурын айтылғанындай, мәжилисте еки түрли пикир ҳүким сүрди: Батыс Венесуэлада мүддетинен бурын сайлаўлар өкерилиўи зәрүрлиги атап өтилген болса, Москва ҳәм Пекин жағдайға араласпаўды жақлап турды.

БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң мәжилисинде АҚШ Мәмлекетлик хаткери Майк Помпео барлық мәмлекетлерди Мадуроның «мафия режими»нен ўаз кешиўге шақырған. «Ойын тамамланды. Биз ким тәрепте екенлигимизди анықластырып алыўымыз керек, ҳеш қандай қосымша мүддет берилмейди», деди Помпео.

АҚШ Мәмлекетлик департаменти басшысының пикиринше, әйне Мадуро сиясатының себебинен Венесуэла аўыр жағдайға түсип қалған. Оған жуўап ретинде Россия ўәкили бул елдиң ишки сиясатына араласыў, жағдайды және де изден шығарыўы мүмкин екенлигин еслетип өтти.

«Венесуэла дүньядағы тынышлық ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырмайды. Қурама штатлар ҳәм оның аўқамласларының бул елдиң нызамлы президентин (Николас Мадуро) аўдарыўға қаратылған ҳәрекетлерин болса, тынышлыққа зыян тийгизиўи мүмкин болған ҳәрекет деп атаў мүмкин», деген Россия Федерациясының БМШтағы турақлы ўәкили Василий Небензя.

Қәўипсизлик Кеңесиниң мәжилисинде Гуайдоны қоллап-қуўатлаў  нәзерде тутылған резолюция қабыл етилиўи мүмкин еди, бирақ Россия Қытайдың қоллап-қуўатлаўында оған вето қойды. Мәжилис 5 саатқа созылған болса да, ағзалар анық бир қарарға келе алмады.

БМШ Қәўипсизлик кеңеси мәжилисинде бурын Европа Аўқамы мәмлекетлериниң Мадуроға ультиматумы сәўлеленген билдириў де жәрияланған еди. Онда жақын ҳәпте ишинде Венесуэлада мүддеттинен бурынғы сайлаўлар мүддети белгиленбесе, Европа мәмлекетлери оппозицияшы Хуан Гуайдоны нызамлы президент сыпатында тән алыўы билдирилген.

Европа Аўқамының сыртқы ислер мәселелери бойынша жоқары ўәкили Федерика Могерини Венесуэла конституциясының 233-статьясын еслетип өтти ҳәм мәмлекеттиң жаңа жетекшисин тән алатуғынын мәлим етти. Әйне усы статья айырым айрықша жағдайларда парламент басшысына президентлик ўәкилликлер бериўди нәзерде тутады.

Сол тәризде Европа аўқамы басшылары изли-изинен өз пикирлерин жәриялай баслады. Соның ишинде, Испания бас министри Педро Санчестиң билдириўинде, «Испанияның Латин Америкасы алдында өзине сай жуўапкершилиги бар…биз қайсыдур ҳүкиметти өзгертиў ямаса аўдарыў нийетинде емеспиз, тек ғана Венесуэлада еркин сайлаўлар болып өтиўи ҳәм демократия орнаталыўын қәлеймиз», делинген.

Франция ҳәм Германия да усындай билдириўлер  менен шығып, Венесуэлада сайлаўлар өткерилиўин талап етти. Уллы Британия Венесуэлада май айында өткен сайлаўларда үлкен машқалалар бақланғанын еске алды ҳәм Мадуро нызамлы президент емеслигин мәлим етти. Өзин мәмлекеттиң ўақытша президенти етип жәриялаған Венесуэланың оппозицияшы кейпияттағы парламент басшысы Хуан Гуайдо АҚШ ҳәм Қубла Американың көпшилик мәмлекетлери тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Бирақ Мадуро да жалғыз емес, Россия, Түркия, Мексика ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлер ҳәзирше оның тәрепин алып атыр.

Еслетип өтемиз, 2019-жылдың январь айы басында Николос Мадуро екинши мүддетке Венесуэла президенти болғанын жәриялаған еди. Оған қарсы шығыўлар ўақтында парламент басшысы болған 35 жасар оппозицияшы, Хуан Гуайдо өзин ўақытша ҳүкимет басшысы сыпатында жәриялаған. Мәмлекетте ҳәзирги ўақытта тәртипсизликлер даўам етпекте.

Н. Тошпўлатова, ӨзА