Нөкистеги БМШ Раўажланыў бағдарламасы имаратында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы жумысының дәслепки басқышына бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Ташкент Информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалы, Нөкис педагогикалық институты, Суў хожалығы министрлиги жанындағы Мелиоративлик экспедиция, Туқымгершиликти раўажландырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, Гидрометеорология бойынша Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институтының Қарақалпақстан филиалы, Өзбекстан Аўыл хожалығы илимий-изертлеў институтының Қарақалпақстан бөлиминиң қәнигелери қатнасты.

Онда кең жәмийетшилик Халықаралық инновациялық орайдың жумысы менен таныстырылды. Инновациялық раўажланыў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, илаж даўамында орайдың дүзилиўи ҳәм оның тийкарғы жумыс бағдарлары, сондай-ақ, дузға шыдамлы өсимликлер егилген Мойнақтағы тәжирийбе жер майданларында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Мәжилистиң екинши бөлиминде ҳәр қыйлы шөлкемлерден келген қәнигелер өз тараўларындағы жетискенликлер ҳаққында мағлыўмат берди, Аралбойы  халықаралық инновациялық орайының жумысын жетилистириўге байланыслы пикир-усынысларды билдирип, келешекте бирге ислесиў бойынша усыныслар менен идеяларды ортаға таслады. Ең әҳмийетли экологиялық машқалалар додаланып, зәрүр усыныслар билдирилди.

ӨзА