Өзбекстан Арал бойы аймағында Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы траст фонды шеңберинде әмелге асырыў мақсетинде 60 млн доллар қунлылықтағы 19 жойбар таярлады. Бул ҳаққында Газета.uz мағлыўматлары тийкарында Daryo.uz хабар берди.

Олардың бир бөлими Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайлықларды пайда етиўге бағдарланады.

Бас министр орынбасары БМШ структураларынан Animal Planet, National Geographic, Wild, BBC ҳәм басқа халықаралық телеканалларды Аралдағы экологиялық апатшылық ҳаққында ҳүжжетли фильмлер сүўретке алыў ушын шақырыўға жәрдемлесиўин сорады.

Траст фонды бес жыл даўамында 2 миллионнан аслам адамлар жасап атырған аймақта жаңа жумыс орынларын ашыў, социаллық ҳәм тәбийғый шараятты жақсылаў ушын 123,2 млн доллар тартыўды жобаластырмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги