ӨзАда жәрияланған мағлыўматқа қарағанда, енди педагог хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў тәртиплери де толық қадағаланады. Яғный, енди педагог хызметкерлер 5 жылда кеминде бир мәрте қәнигелигин арттырыўы шәрт. Болмаса, белгили бир илажлар көрилиўи ҳәм ҳәттеки кәсибинен шетлетиў жағдайлары да бақланыўы мүмкин.

Мақалада 2019-жылдың 1-январынан республикамыздағы ҳәр бир билимлендириў мәкемелериндеги хызметкерлердиң кәсиплик қәнигелик дәрежесин ҳәм индувидуал кәсиплик зәрүрлиги есапқа алынып қадағаланатуғыны Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети тәрепинен мәлим етилгени жазылған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «Педагог хызметкерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола педагог хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыўдың даўамлылығы оның кәсиплик қәнигелик дәрежесин ҳәм индувидуал кәсиплик зәрүрлиги есапқа алған ҳалда буйыртпашы тәрепинен белгиленетуғын талапларға байланыслы анықланатуғыны атап өтилген.

Таярлаған:

М.Игиликова