Пайтахтымызда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары: дәслепки нәтийжелер ҳәм келешектеги режелер» темасындағы халықаралық әнжуман басланды.

Ол Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Бас прокуратура, «Yuksalish» улыўмамиллий ҳәрекети, «Раўажланыў стратегиясы» орайы және Жәҳән банкиниң  Өзбекстандағы ўәкилханасы, БМШтың Өзбекстандағы Раўажланыў бағдарламасы, Швеция Конфедерациясы және АҚШ мәмлекетлик департаменти сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Халықаралық әнжуманға 250 ден аслам тараў қәнигелери – жергиликли ҳәкимият, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, халықаралық шөлкемлердиң, дипломатиялық корпустың, экспертлер жәмийетшилигиниң және ҒХҚның ўәкиллери қатнаспақта.

Күн даўамында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде өткен жылы әмелге асырылған жумыслар, аўыллық жерлерде инвестициялық бағдарламалардың әмелге асырылыўын мониторинг етиўге пуқараларды тартыў, шөлкемлестириў механизмлери ҳәм қаржыландырыў бойынша мақсетли қорларды қәлиплестириў сыяқлы мәселелер додаланады.

Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жеке сектор ҳәм пуқаралардың бирге ислесиўи тийкарында халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бағдарындағы ўазыйпалар додаланады. Хош, бул бойынша сырт ел экспертлери не айтады?

Сайтымызды бақлап барсаңыз, олардың пикир-усынысларын билип аласыз.

Сайёра Шоева,

ӨзА