Өзбекстан Арал бойы аймағында инсан қәўипсизлиги бойынша БМШның көп тәреплеме бирге ислесиў бойынша траст фонды шеңберинде «жасыл» инвестицияларды хошаметлеў мақсетинде Microsoft компаниясының тийкарын салыўшысы Билл Гейтс ҳәм оның өмирлик жолдасы Мелинданың қайырқомлық шөлкеми қаржыларын тартыў нийетинде. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың биринши ярымында БМШ менен биргеликте траст фонды жумыслары ушын финанслық ресурсларды тартыў бойынша стратегия ислеп шығыўды нәзерде тутатуғын қарарға қол қойды, енди оның 2019-жылға арналған инвестициялық портфели тастыйықланады.

Қаржыларды тартыў стратегиясы жеке сектордың болыўын да нәзерде тутыўы керек. Усы мақсетте Президент қайырқомлық қорларына ийе болған трансмиллий компаниялар («Кока-Кола» қоры, «ӨзКоргаз» компаниялары ҳәм басқалар) және Билл ҳәм Мелинда Гейтс қоры (Bill & Melinda Gates Foundation) сыяқлы жеке меншик шөлкемлер дизимин қәлиплестириў ҳаққында көрсетпе берди. Билл Гейтс қоры 50 миллиард доллар муғдарындағы активлери менен АҚШтағы ең үлкен қор болып табылады.

БМШның көп тәреплеме шериклик тийкарындағы траст фонды 2018-жыл 27-ноябрьде БМШның Нью-Йорктағы штаб-квартирасында рәсмий түрде иске қосылды. Ол Арал бойы регионында экологиялық апатшылық ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған жойбарлар ушын финанслық ҳәм техникалық қуралларды мобилизациялаўы керек. Фонд 2023-жылдың ақырына шекем жумыс ислейди.

Фондтың биринши доноры Өзбекстан ҳүкимети болды, мәмлекет 6,5 миллион доллар инвестиция киргизди. Норвегия, Япония ҳәм басқа бир неше мәмлекетлер де жойбарларды қаржыландырыўды жобаластырмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги