Мәмлекеттин Қубла Сулавеси аймағындағы суў тасқынлары ҳәм көшкилер ақыбетинде 6 адам қайтыс болған, 2мың 100ден аслам халық эвакуация етилген.

БЕЛТА мәлимлеме агентлигиниң хабарында келтириўинше, узақ даўам еткен жаўын-шашын суў тасқынларға себеп болған. Табийғый апатшылықтан Гова районы ең көп зыян көрген.

Апатшылық райондағы көплеген үйлердиң суў астында қалыўына, жоллар ҳәм көпирлердиң ўайран болыўына алып келген.

Жергиликли хүкимет рәсмийлериниң мағлыўматына қарағанда, бүлгиншиликлер ақыбетинде 10 адам бийдәрек жоғалған.

Ҳәзирги ўақытта аймақларда излеў-қутқарыў ислери алып барылып атырғаны атап өтиледи хабарда.

Зухра Мирзабоева, ӨзА