«Роскомнадзор» (Россия байланыс, мәлимлеме технологиялары ҳәм ғалаба коммуникацияларының федераллық хызмети) «Фейсбук» ҳәм «Твиттер»ге административлик ис қозғады. ТАССтың жазыўынша, оған усы социаллық тармақларды басқаратуғын Америка компанияларының ис-ҳәрекети себеп болған.

«Фейсбук» ҳәм «Твиттер» социаллық тармақларын басқарыўшы компаниялар дәслеп Россия Федерациясы аймағында россиялы пайдаланыўшылардың жеке мағлыўматлар базасын жайластырыўды тастыйықлаў ҳаққындағы бизиң талапларымызға рәсмий жуўапларын усынды. Бирақ, оларда РФ нызамшылығы талапларын тек ғана ҳәзирги күнде емес, ал келешекте де орынлаў ҳаққында анық мағлыўмат жоқ. Усы мүнәсибет пенен «Роскомнадзор» ҳәр еки компанияға да административлик ис ашады» делинген «Роскомнадзор» баспасөз хызметинен ТАСС мағлыўматта.

Буннан бурын «Роскомнадзор» баслығы Александр Жавров 2018-жылдың декабрь айында компанияларға Россия Федерациясы нызамшылығының россиялы пайдаланыўшылардың мағлыўматлар базасы тараўындағы талапларды орынлаў бойынша мәлимлеме хатларын жоллағанын айтып өткен еди. Усы ўақытқа шекем компаниялар бундай талапларды орынламаған. Оның сөзлерине қарағанда, «Фейсбук» ҳәм «Твиттер» «Роскомнадзор»дың билдириў хатларына юридикалық әҳмийетке ийе жуўап жоллаўы ямаса «жоқ» мәниси сыпатында итибар бермеўи мүмкин. Мағлыўматлар базасын жайластырыў мүддети 6 айдан бир жылға шекем.

Мағлыўмат орнында соны айтып өтиў керек, РФ нызамшылығына бола, россиялы пуқаралардың жеке мағлыўматлары тек ғана мәмлекет аймағында сақланыўы ҳәм қайта ислениўи мумкин.

 

Малохат Ҳусанова, ӨзА