2019-жыл 17-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықтың машқалалары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

«Адамлардың дәрт ҳәм тәшўишлерин ойлап жасаў – адамгершиликтиң ең жоқары өлшеми», «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», «Халқымыз өз турмысында унамлы өзгерислерди ертең емес, узақ келешекте емес, бүгин көриўи керек». Президент Шавкат Мирзиёевтиң ел-журтымыздың жүрегинен ҳәм санасынан терең орын алған бул сөзлери бүгин елимизде барлық тараўлар менен тармақларда әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм реформаларды ҳәрекетлендириўши қүдиретли күшке, олардың идеялық өзегине айланды. Халықымыздың турмыслық талабы менен зәрүрликлерин тәмийинлеў, адамларымызды разы етиў жолындағы салмақлы жумыслар әйне усындай ийгиликли ҳәм өмиршең идеялар тийкарында алып барылып, барған сайын жаңа мазмун-мәни менен байып бармақта. Бундай тарийхый өзгерислер жүз берип атырған бир ўақытта халық пенен пикирлесиў, мүрәжатлар менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа системаға тийкар салынғаны, халықаралық көлемде сийрек ушырасатуғын структура сыпатында кеңнен тән алынып атырған Президент Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары иниститутының жаратылғаны, орайлық орынлардан бирин ийелейтуғынына гүман жоқ.

Халық қабыллаўханалары хылқымыздың нешше жыллық арзыў-әрманларын жүзеге шығарыў мақсетинде шөлкемлестирилгени себепли, ел-журтымыз турмысынан, мәмлекетимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар процесинен тез пурсатта өзиниң мүнәсип орнын таўып, ҳәр бир аймақ ҳәм тараўдағы реал көринисти, ҳақыйқый жағдай ҳәм бар машқалаларды анықлаў және шешиў жолында жаңа идеялар, әмелий усыныслар менен басламалар жүзеге келетуғын, оларды турмысқа енгизиўдиң анық механизмлери ислеп шығарылатуғын орайларға айланып бармақта.

Өткен дәўирде Президент Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары жәрдеминде 2 миллион 500 мыңнан аслам адам өзин қыйнап киятырған машқалаларға шешим, ойландырып жүрген сораўларға жуўап тапқаны олардың халқымыздың мүшкилин жеңиллетиўде, жәмийетимизде әдиллик принциплерин беккемлеўде әмелий әҳмийети қаншелли жоқары болып атырғанын айқын көрсетеди.

Бир сөз бенен айтқанда, Халық қабыллаўханалары мәмлекетлик уйымлар менен халықтың арасында ашық-айдын пикирлесиўди жолға қойыўды ҳәм әҳмийетли машқалаларды анықлаўда, мүрәжатлар нызамлы ҳәм сапалы көрип шығылыўын тәмийинлеўде нәтийжели механизмге айланып, әмелде өзин толық ақлады. Әлбетте, өмир ҳеш қашан бир жерде тоқтап турмайды, Заман менен тең қәдем таслаў, керек болса, оннан бир қәдем алдында болыў – бүгинги күнниң талабы. Усы мәнисте, биз жасап атырған ҳәзирги жедел дәўир, алдымызға қойылған үлкен мақсетлер барлық тараўларда болғаны сыяқлы бул әҳмийетли бағдарда да өткен қысқа дәўирде арттырылған унамлы тәжирийбелерди буннан былай да жетилистириўди, оны мазмуны жағынан раўажландырыўды талап етпекте. Президент Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 28-декабрьде Олий Мажлиске Мүрәжатында әне усы әҳмийетли мәселеге айрықша тоқтап, Халық қабыллаўханалары жумысында пүткиллей жаңа системаға – сапа жағынан және де жоқары басқышқа өтилетуғынын мәлим еткен еди. Мине, арадан көп ўақыт өтпей, мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң пуқаралар менен тиккелей ислесиўге өтиўин, олардың халыққа, соның ишинде, исбилерменлик субъектлерине жақын жәрдемши болыўын, Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған «Халықтың машқалалары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илиажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Хош, бул пәрманның қабыл етилиўи қандай себеп – факторлар менен байланыслы? Бул тараўдағы қандай машқалалар усы ҳүжжетке тийкар болды? Бул тараўдағы өзгерислер қайсы мәселелерде көринеди?

Пәрманның басында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң атына кейинги еки жылда 2,5 миллионнан аслам мүрәжат келип түскени, Республикалық жумысшы топарлар тәрепинен үйме-үй жүриў, социаллық тараў ҳәм басқа да объектлерди үйрениўдиң нәтийжесинде және 1,1 миллионнан аслам ҳәр қыйлы машқалалар анықланғаны орынларда шешимин күтип турған мәселелердиң көп екенин, айырымлары орта ҳәм төменги буўындағы шөлкемлер дәрежесинде шешилмей атырғанын көрсетпекте. Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў оларды қыйнап киятырған машқаларларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша алып барылып атынған жумыслар талланғанда бир қатар кемшиликлер бар екени белгили болды.

Бәриннен бурын, мүрәжатлар менен ислесиўдиң әмелдеги системасы халықтың машқалаларын толық қамтып алыў ҳәм жедел шешиў имканиятын бермей атырғанын атап өтиў керек. Анықланған машқалаларды системалы таллаўға ҳәм шешиўге Министрлер Кабинети, министрликлер менен уйымлар, жергиликли ҳәкимият уйымлары, Халық қабыллаўханалары ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўдың бирден-бир механизми жоқ екени барлық буўынының бир пүтин организм сыяқлы өз-ара байланыслы ислесиўине мүмкиншилик бермей атыр. Сонлықтан да тийисли социаллық-экономикалық бағдарламалардын жойбарларын ислеп шығыўда Президент Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлар, орынларда анықланған басқа да машқалалар жеткиликли дәреже де сәўлелендирилмей атыр. Оның үстине, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары халық пенен тиккелей пикирлесиў, үйме-үй жүриў арқалы машқалаларды анықлаўға ҳәм шешиўге, жүкленген ўазыйпаларды толық ҳәм сапалы орынлаўға жеткиликли итибар бермей атыр.

Әне усы мәселелерди есапқа алған ҳалда Президент пәрманына муўапық 2019-жыл 1-февральдан баслап Халық қабыллаўханаларының халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелдеги системасы менен бир қатарда, Халық қабыллаўханаларының машқалаларды үйме-үй жүриў арқалы анықлаўын ҳәм шешиўин, мәмлекетлик уйымлардың халық пенен тиккелей ислесиўин нәзерде тутатуғын жаңа система енгизилмекте.

Бул жаңа  системаның биринши әҳмийети – Халық қабыллаўханалары аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте үйме-үй жүриў, социаллық ҳәм басқа да объектлерди үйрениў арқалы машқалаларды анықлайды және шешилиўин тәмийинлейди. Яғный енди Халық қабыллаўханалары белгили машқала бойынша мүрәжат келип түсиўин күтип отырмайды.

Буған себеп болған тийкарғы фактор – мүрәжатлар менен ислесиўдиң әмелдеги системасы хылықтың жүзеге келген машқалаларын толық қамтып алыў ҳәм оператив шешиў имканиятын бермей атырғаны менен байланыслы. Себеби барлық мәмлекетлик уйымлар сыяқлы Халық қабыллаўханалары да өз жумысында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм көрип шығыў әмелиятынан пайдаланып келмекте. Бирақ жүзеге келген мүрәжатлардың анализи халық, социаллық тараў ҳәм өндирислик объектлердеги машқалаларды толық қамтып алыў ҳәм анықлаў имканиятын бермей атыр. Қалаберсе, адам арза ямаса шағым менен мүрәжат етпесе, бул оның улыўма машқаласы жоқ дегени емес. Әсиресе, сабыр-тақатлы ҳәм шүкиршиликти өмириниң мазмуны, ар-намысты уллы қәдирият дәрежесинде улығлайтуғын халқымыздың арасында ғам-тәшўиш қыйнап турған болса да, бул ҳаққында мәҳәллеге, жуўапкер уйымлар менен шөлкемлерге мүрәжат етиўди өзине ылайық көрмейтуғын, арсынатуғынлар көп. Сонлықтанда мәмлекетимиз басшысының идеясы ҳәм басламасы менен елимизде халық пенен пикирлесиў, мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм халықтың машқалаларын шешиў тараўында жаңа дәўирге қәдем тасланбақта. Буннан кейин мәмлекетлик уйымлар Халық қабыллаўханалары басшылығында өзлери жуўапкер аймақларда мәҳәллеме-мәҳәлле, көшеме-көше, үйме-үй жүрип, ҳәр бир шаңарақтың машқаларын үйренип оларды шешиў илажларын көреди. «Аўырыўды жасырған асқындырады» дегениндей, машқала ҳаққында кимдур мүрәжат етип келиўин күтип отырмай, халықтың ишине, адамлардың арасына терең кирип барып, олар дус келип атырған машқалаларды ерте анықлап шешиў жаңа системадан гөзленген тийкарғы мақсет есапланады. Тиккелей пикирлесиў, жүзбе-жүз ушырасыўлардың тәсири күшли болып бундай сәўбетлесиўлер процесинде қағазларға сыймай қалған үңқыл-шуңқыллар айдынласады, артықша әўерешиликсиз анаў ямаса мынаў мәселеге тийисли жаңа мағлаўматларды анықластырып алыў имканияты үлкен болады. Және де әҳмийетли бир мәселе бар, бул ҳаққында айрықша атап өтиў мақсетке муўапық. Олда болса, бундай жумыс системасы  тек ғана адамлардың машқалаларын анықлаўда ҳәм шешиўде емес, олардың елимизде жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий процесслер ҳаққындағы пикир-усынысларын үйрениў, мәмлекетимизди ҳәм жәмийетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға байланыслы пикир-усынысларды топлаўда да тәсиршең қуралға айланады.

Бул пәрманда белгиленген  және бир жаңалық – енди район ҳәм қалалардағы Халық қабыллаўханалары басшылық ететуғын секторлар штаблары ағзаларынан ибарат жумысшы топарлар аймақларды мәҳәлле ҳәм үйлер, шаңарақлар кесиминде анализлеп, анықланған кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша қысқа (1 жыллық) ҳәм орта мүддетли мәнзилли илажлар режелерин қәлиплестиреди. Бунда район ҳәм қалалар ҳәкимликлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Министрлер Кабинетиниң тийисли комплекси қысқа мүддетли – бир жылға мөлшерленген мәнзилли илажлар режелериниң орынланыўын тәмийинлейди. Халық қабыллаўханалары ҳәм Президент Админстарациясы бөлимлери болса усы илажлар режелериниң орынланыўын қадағалайды.

Орта мүддетли мәнзилли илажлар режелери, мәмлекетлик инвестициялық бағдарламалар, социаллық-экономикалық тараўдағы аймақлық, тармақлық ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар, халықаралық финанс иниститутларының қатнасыўында әмелге асырылатуғын жойбарларды ислеп шығыўда Президент Виртуал қабыллаўханасына келип түскен мүрәжатларда сәўлеленген машқалалар есапқа алынады. Яғный, енди ҳәр қандай бағдарламаны ислеп шығыўда үстиртин қатнас жасаўға жол қойылмайды, бунда ҳәр бир жойбар тиккелей адамлар жоллаған мүрәжатлардың анализине, реал турмыс көринисине ҳәм халықтың талап-зәрүрликлерине тийкарланады.

Пәрманда белгиленгениндей, Халық қабыллаўханалары аймақлардағы социаллық орталықты үйрениў, халықтың машқалаларын шешиўде жәмийетлик ўәкиллерди, ғалаба хабар қуралларын ҳәм басқа да шөлкемлерди тартқан ҳалда ашық-айдынлықты ҳәм қалыслықты тәмийинлеў илажларын көреди. Бунда, әсиресе, Халық қабыллаўханаларының ғалаба хабар қураллары менен бирге жәмийеттеги машқалаларды анықлаўы, анализлеўи наҳақтан ҳақты ажыратыў, ҳәр қандай мәселеге объектив қатнас жасаў имканиятын береди.

Бүгин «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары мәмлекетимиздиң жаңа келбетин қәлиплестириўге хызмет етпекте. Бул бағдарламалар әмелде өз нәтийжесин бериўи ушын оларға, биринши гезекте, ең аўыр ҳәм қыйын шараяттағы елатлы пунктлерди киргизиў керек. Бул бағдарда реал жағдайды анықлаў ушын болса Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатларды анализлеў зәрүр. Сонлықтан мәмлекетимиз басшысының пәрманына бола, енди «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалры шеңберинде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылатуғын елатлы пунктлердиң дизимин Халық қабыллаўханалары менен келисе отырып қәлиплестириў белгиленгени, бәринен бурын, аўыр ҳәм қыйын жерлерди абат етиў имканиятын береди.

Және бир жаңалық – Халық қабыллаўханалары секторлар ҳәм аймақтағы шөлкемлердиң басшыларының жумысы, мүрәжатлар менен ислесиўдиң жағдайы бойынша тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң мәжилисинде додалаў ушын ҳәр шеректе мәлимлеме киргизеди және бул мәлимлеме бойынша жуўапкер шөлкемлердиң басшыларының есабаты тыңланады. Әйне, мине усы механизм аймақларда мүрәжатлар менен ислесиў бойынша қәте-кемшиликлердиң азайыўына хызмет етеди, басшылардың халық алдында есап бериў системасын және де нәтийжели жолға қойыў мүмкиншилигин жаратады.

Бунда республика дәрежесинде шешилетуғын машқалалар ҳаққында мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, мүрәжатлар менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи тәрепинен Министрлер Кабинетине шешиў ушын киргизиледи.

Соның менен бирге, Халық қабыллаўханаларына бир қатар қосымша ўазыйпалар да жүкленди. Атап айтқанда, енди Халық қабыллаўханалары секторлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң үйме-үй жүриў, социаллық ҳәм басқа да объектлерди үйрениў арқалы социаллық-экономикалық машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша жумысын турақлы түрде муўапықластырып барады.

Аймақларда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў, ғалаба ҳәм көшпели қабыллаўлар өткериў системасын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў болса бундай илажлардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Және бир тәрепи, усы пәрман тийкарында Халық қабыллаўханаларының мәҳәллелер аймақларының социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаў және социаллық-экономикалық тараўдағы ҳуқықый, тармақлық ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм орынланыўын тәмийинлеўге қатнасыўы бундай ҳүжжетлерде мүрәжатларда көтерилген машқалалар кеңирек сәўлелендирилиўи ушын беккем тийкар жаратады.

Ҳәр қашан итибарымыз орайында болып киятырған әҳмийетли мәселе – майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халықтың қатламларына жәрдемлесиў мәселеси бойынша пәрманда тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген. Буннан кейин мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысларын муўапықластырыў Халық қабыллаўханалары тәрепинен әмелге асырылады.

Халық қабыллаўханалары өзиниң жумыс бағдарлары бойынша жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўи бойынша белгилеп қойылған ўазыйпалар олардың жумысында ашық-айдынлықты ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў, әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардан жәмийетшиликти турақлы хабардар етиўде жаңа имканиятлар жаратып береди.

Атап өтилген бундай кең көлемли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Халық қабыллаўханаларына бир неше имканиятлар да берилмекте. Мәселен, Халық қабыллаўханалары секторлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң үйме-үй жүриў, мүрәжатлар менен ислесиў, социаллық ҳәм басқа да объектлерде анықланған машқалаларды шешиў бағдарындағы жумысын системалы үйрениў, көрип шығыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў, сондай-ақ, секторлардың жумысын баҳалаўға қатнасады.

Халық қабыллаўханаларына секторлар штабы қурамына киргизилген мәмлекетлик уйымлардың аймақлық бөлимлериниң лаўазымлы шахсларын ҳәм хызметкерлерин хошаметлеў ямаса жол қойылған үлкен кемшиликлер ушын оларды лаўазымынан азат етиўге шекем болған интизамый жуўапкершиликке тартыў бойынша жоқары туратуғын мәмлекетлик уйымларға усыныс киргизиў ҳуқықы да берилмекте.

Солардың қатарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерден жумыс ушын зәрүр болған мәлимлеме және ҳүжжетлерди сораў ҳәм алыў, олардың қәнигелерин тартыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен олардың жумысы ҳәм көрсететуғын хызметлерине байланыслы тәртип-қағыйдалардың халыққа толық ҳәм оператив жеткерилиўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар көриў ҳуқықы берилди.

Бундай әҳмийетли ҳәм жуўапкерли ўазыйпаларды орынлаў ушын маман кадрлар керек. Усы мүнәсибет пенен Пәрманда Халық қабыллаўханаларының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, олардың кадрлар қурамын халық пенен тиккелей ислесиў ушын зәрүр болған билимге, шөлкемлестириўшилик ҳәм анализлеў қәбилетине, жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм психологиялық пазыйлетлерге ийе болған қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў, турақлы түрде қәнигелигин арттырыўды жолға қойыў, жумысында жоқары көрсеткишлерге ерискен хызметкерлерди материаллық ҳәм моральлық хошаметлеп барыў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Солардың қатарында Халық қабыллаўханаларының жаңаланған режеси, олардың секторлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў тәртиби, Халық қабыллаўханаларының жумысын баҳалаў тәртибин ҳәм өлшемлерин белгилейтуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылады. Мысалы, Халық қабыллаўханаларының халықтың машқалалары менен ислесиў нәтийжелилиги индексин анықлаўда үйме-үй жүриў арқалы үйренип шығылған үй хожалықлары, социаллық ҳәм басқа да объектлер, машқалалардың аймақлық дәрежеде шешилиў жағдайы, республика дәрежесинде шешилиўи, белгиленген машқалаларға шешим табыў ушын зәрүр илажлар көриў дәрежеси, машқаланы үйрениўдиң орташа мүддети сыяқлы өлшемлерге тийкарланылатуғыны режелестирилген.

Президент пәрманынан келип шығатуғын ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў менен бирге енди мәҳәллелер аймақларының социаллық-экономикалық жағдайы сол жердеги социаллық инфраструктура, социаллық жағдай, социаллық орталық, социаллық тараў объектлериниң жағдайынан келип шығып, «үлгили», «жақсы» ҳәм «қанаатландырарсыз» категорияларға ажыратылған ҳалда баҳаланады. Бул соннан дәрек береди, буннан кейин ҳәр қыйлы бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда биринши гезекте ең аўыр аймақларға итибар қаратылып, машқалаларды шешиў илажлары көриледи.

Сондай-ақ, пәрманда турақ жайлар, жол қурылысы, электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суў тармақлары, канализация ҳәм басқа да коммуналлық хожалық объектлери, социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў  және басқа да мәмлекетлик бағдарламалар, сондай-ақ, халықты социаллық қорғаў ушын ажыратылған қаржылар ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында район ҳәм қала кесиминде жайластырылыўын ҳәм турақлы түрде жаңалап барылыўын тәмийинлеў бойынша анық көрсетпе берилген.

Пәрманда және бир әҳмийетли мәселениң шешими көрсетип өтилгени үлкен әмелий әҳмийетке ийе. Оған бола, «Hudud» мәлимлеме системасы және де жетилистирилип, оған барлық Халық қабыллаўханалары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер интеграцияланады. Нәтийжеде Халық қабыллаўханаларының хызметкерлери, секторлар штабларының ағзалары ҳәр қыйлы ҳүжжетлерди толтырыў, жүргизиў, сақлаў, рәсмийлестириў сыяқлы жумыслардан азат болып, тийкарғы ўақтын пуқаралар менен көбирек тиккелей сөйлесиў, машқалаларды орнында үйрениў ушын узақ аймақларға шығыў жумысларына жумсаў имканияты көбирек болады.

Бул илаждың логикалық даўамы сыпатында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық бөлимлери және олар көрсететуғын хызметлерге  байланыслы тәртип-қағыйдалар заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, атап айтқанда, мобиль қосымшалар, веб-сайтлар, электрон төлеў қураллары арқалы халыққа толық ҳәм оператив жеткерилиўин тәмийинлеў бойынша илажлар көрилиўи пуқараларымыздың ҳәм ўақтын, ҳәм қаржысын үнемлеўге хызмет етеди.

Соның менен бир қатарда, 2019-жылдың 1-июлине шекем барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәлаятлық бөлимлериниң веб-сайтларын, 2020-жыл 1-январьға шекем район ҳәм қалалық бөлимлердиң веб-сайтларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылғаны пуқараларға мәмлекетлик уйымлардың аймақлық бөлимлерине тиккелей электрон мүрәжат етиў имканиятын жаратады.

«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек». Президентимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм бүгин турмысымыздан барған сайын терең орын алып атырған бул принцип ўатанласларымыздың турмыстан разы болып жасаўына тийкар жаратпақта. Бүгин пайтахт  Ташкент қаласынан елимиздиң ең алыс аймағында жасап атырған ўатанласларымызға шекем реформалардың реал нәтийжесин өзиниң турмысында көре баслағаны, бул жаңаланыўлар мыңлаған шаңарақлардың өмири, миллионлаған адамлардың санасы, қәлби ҳәм дүньятаныўы өзгериўине түртки болып атырғаны буны айқын дәлиллейди. Президентимиздиң «Халықтың машқалалары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы Халық қабыллаўханаларының жумысын жаңа басқышқа көтериў менен бирге, реформалардың тәсиршеңлигин және де арттырыўға, халқымыздың турмыстан разы болыўы ушын еле де кең имканиятлар ҳәм шараятлар жаратыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ.

ӨзА