Хожели районында күйеўи қызғаныш ақыбетинде ҳәм өзине, ҳәм өмирлик жолдасына пышақ урды, деп хабар берди ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы.

«2019-жыл 21-январь күни Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында жасайтуғын Т.Т. үйинде қызғаныш себепли бирге жасайтуғын өмирлик жолдасы Г.М. ны, соң өзине де пышақ урып, жарақатлады», – деп жазылған хабарда.

Ақыбетинде ерли-зайыплы дене жарақаты менен емлеўханаға жатқарылған.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги