Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, 2018-жылы Өзбекстанда 154,7 мың адамның өлими дизимге алынған. Бул көрсеткиш 2017-жылға салыстырғанда 3,7 процентке аз, деп жазады ӨзА.

Дүньядан өткенлердиң 60,3 проценти қан айланыў системасы кеселликлеринен, 9,7 проценти ҳәр қыйлы өсимтелерден, 5,6 проценти ас сиңириў органларынан, 4 проценти дем алыў кеселликлеринен, 20,4 проценти басқа кеселликлер себепли қайтыс болған.

Қайтыс болғанлардың 7,5 мыңы бир жасқа шекемги болған нәрестелер екенлиги айтылмақта. Балалар өлиминиң 60,5 проценти перинатал дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлар, 16,8 проценти дем алыў органларындағы нуқсанлар, 11,7 проценти туўма аномалия ҳәм 11 проценти басқа кеселликлер болғаны атап өтилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги