Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен бир қатар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте усы жылдың 28-29-июнь күнлери ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, өз жумысын нәтийжели жолға қойған исбилермен ҳаял-қызлар, сондай-ақ, енди ғана исбилерменлик жумысына кирип киятырған ҳаял-қызлар арасында социаллық бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде «Жәмийеттиң раўажланыўында ҳаял-қызлар исбилерменлигиниң орны» сүрени астында елимизде биринши мәрте исбилермен ҳаял-қызлар бизнес-форумы өткериледи.

Исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға үлес қосыў тилегинде болған исбилермен ҳаял-қызларды ҳәм енди ғана өзиниң исбилерменлик жумысын баслап атырған ҳаял-қызларды усы бизнес-форумда қатнасыўға мирәт етемиз.

Мүрәжат ушын телефонлар:

0 (371) 239-40-42

0 (371) 244-03-80

Исбилерменликтиң раўажланыўында белсене қатнасайық!