Жақында пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында жайласқан балалар китапханасында китапқумар жаслар шайыр Раўаж Отарбаев пенен бирге әдебий кеше өткерди.

Илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы факультети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдары студентлери, пайтахтымыздағы 11-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларынан ибарат китапқумар жаслар қатнасты.

Онда елимизде жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар ҳәм олардың қәдирине жетиў, инсанның кәмилликке ерисиўинде китаптың әҳмийети, шайырдың балалығы, әдебиятқа болған меҳри туўралы кең түрде пикир алысылды.

-Биз китапты шайыр яки жазыўшы болыў ушын емес, ал кәмил инсан болып жетисиў ушын көбирек оқыўымыз керек. Бәринен бурын, өз халқымыздың тарийхына, мәдениятына, руўхый дүньясына байланыслы китапларды көбирек оқыўымыз зәрүр. Себеби, өз тарийхын, кимлигин билген, өз халқының үрп-әдетлери менен дәстүрлерин ҳәм миллий қәдриятларын ҳүрмет еткен инсан ғана, басқа халықлардың да тарийхына ҳәм мәдениятына терең ҳүрмет пенен қарайды,-деп атап өтти шайыр Раўаж Отарбаев.

Ушырасыў даўамында оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм шайыр өзиниң бир қатар жаңа қосықларын китапқумар жасларға оқып берди.

 

Нурсулыў НУРБЕКОВА

 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти