Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларына муўапық, Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң 27 жыллығы мүнәсибети менен бир топар әскерий хызметкерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери әскерий атақлар, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды. 14-январь күни әне усы жоқары сыйлықларды тапсырыў мәресими болып өтти.

Мәмлекет басшысы, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев жыйналғанларды Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлап, оларға сыйлық тапсырыўды жоқары мәртебе деп билетуғынын атап өтти.

Бул сыйлықлар сизлерге әйне Ўатан қорғаўшылары күнинде тапсырылып атырғанында терең рәмзий мәни бар. Биз бул байрамда Қураллы Күшлеримизди барлық әскер, сержант, офицер ҳәм генералларды, ҳүрметли ветеранларымызды қәдирлеймиз, оларға ең жақсы тилеклерди билдиремиз. Сизлердиң тымсалыңызда ҳәзир пүткил армиямызды, барлық әскерлеримизди қутлықлап турғандай болып атырман. Жанажан Ўатанымызды қорғаў ҳәм тынышлығы жолындағы пидәкерлик хызметиңиз ҳәм мәртлигиңизди ҳәммемиз жақсы билемиз. жоқары қәдирлеймиз. Усы жерде, бул сыйлықларды халқымыз ҳәм мәмлекетимиздиң Қураллы Күшлеримизге, оның барлық жеке қурамына көрсетип атырған шексиз ҳүрмети сыпатында қабыл етиўиңизди қәлеймен, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиздиң жаңа Қорғаныў доктринасы тийкарында Қураллы Күшеримиздиң жаўынгерлик қүдиретин беккемлеў, замангөй, қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм интеллектуаллық таярлығын жақсылаў бойынша үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Әскерий бөлим ҳәм бөлимшелердиң материаллық-техникалық базасы беккемленип, полигонларда оқыў шынығыўлары өткерилмекте. Әскерлерди турақ жай менен тәмийинлеў, шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў ушын мүнәсип шараятлар жаратылмақта.

14fa9f18-1398-3190-cd65-abf14bd7aa3a.jpg

Қорғаныў системасында инсан факторы шешиўши роль ойнайды. Өз антына садық, кең билим ҳәм қәнигеликке ийе, ақыл-парасатлы, мәрт ҳәм сабырлы әскерлер армияның қүдиретли күши. Жеңисти тәмийинлейтуғын да, жеке қаурамды тәрбиялайтуғын ҳәм өзиниң изинен ертетуғын да усылар.

Ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге мүнәсип соққы бериўге таяр миллий армиямыз – халқымыз, мәмлекетимиздиң исенимли ҳәм беккем қалқаны болып табылады. Соның ушын биз ҳәзирги күнде әскерий кадрлардың жаўынгерлик қәбилети ҳәм таярлығы менен бирге, ўатансүйиўшилик тәрбиясына айрықша әҳмийет қаратып атырмыз. Яғный, ҳәр бир әскер ҳәм сержантта, офицер ҳәм генералда, пүткил жеке қурамда миллий руўх ҳәм мақтаныш күшли болыўы керек. Миллий руўх – бул жеңилмес күш. Миллий руўх күшли болса, сабыр, жаўынгерлик қүдирет те жоқары болады. Келешекте әскер болыўды әрман етеуғын батыр перзентлеримиз миллий руўхты, муқаддес Ўатан тәғдири ушын жуўарпкершилик сезимин қай жерден алады! Ўатанымыздың бай тарийхынан, Әмир Темур сыяқлы уллы бабаларымыздың мәртлигинен алады. Өз шаңарағы, меҳрибан ата-анасы және ел-журтымыздың исеними, ғамхорлығы ҳәм итибарынан алады. Жасларға ҳәмийше өрнек ҳәм үлги болып киятырған сиздей ҳақықый пидайы әскерлерден алады, деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда исленетуғын жумыслар еле көп екенин, әскерий – административлик секторлар жумысын жетилистириў әҳмийетли ўазыйпа болып қалатуғынын атап өтти. Барлық буўындағы  ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәҳәлле, жаслар, ҳаял-қызлар. нураныйлар, тәлим-тәрбия мәкемелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Миллий армия ҳәм әскерлеримиз халқымызға қаншелли жақын, бир тән бир жан болса, соншелли қүдиретли болады, Шавкат Мирзиёев.

Мәресимде Қураллы Күшлер қатарында ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларында көп жыллардан берли ылайықлы хызмет етип атырған әскерлер ҳәм басшы хызметкерлердиң бир топарына генерал атақлары берилиўи мәлим етилди.

946795da-3111-7231-710e-2775b1d4ccf6.jpg

Генерал болыў ҳәр бир әскерий хызметкердиң әрманы. Сизлерди әне усындай жоқары атақққа ерискениңиз бенен қызғын қутлықлайман. Бирақ соны барқулла ядта тутыўымыз керек, әскерий хызметте ҳәм мәмлекетлик басқарыўда буннан да жоқары мәртебе, буннан да уллы атақ бар. Бул – халқымыз, Ўатанымыздың исенимине, өзиниң муқаддес парызына барқулла садық ҳәм ылайықлы болыў, деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз бир топар әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерине атақлар, орден ҳәм медалларды салтанатлы түрде тапсырды.

Сыйлықланғанлар жоқары итибар, әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

ӨзА