2019-жыл 12-январьға өтер түнде намәлим шахс Төрткүл районында жасайтуғын О.Қ. (атлы ҳаял) ға тийисли азық-аўқат саўда дүканы есигиниң қулпын бузып кирип, ол жерден 8 950 000 сумлық пул ҳәм улыўмалық баҳасы 100 000 сумлық телефон төлем картасын урлап кеткен. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Төрткүл районында жасайтуғын А.Т. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги