«Шырайлы» автономерлердиң сатылыўы бюджетке 115 млрд сумнан аслам қаржы келтирди. Бул ҳаққында Spot Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасына тийкарланып хабар берди, деп жазады Kun.uz.

Жылдың тек ғана 11 айы даўамында биржа онлайн-аукционы арқалы улыўмалық муғдары 105,7 млрд сум болған 20 778 автономер сатылды. Ҳәр бир келисимниң орташа муғдары 5,1 млн сумды қураған. Декабрьде 2 мыңнан аслам автономерлер 10 млрд сумнан көбирек муғдарда сатылған.

Аукцион арқалы «шырайлы» автономерлерди сатыў 2017-жылдың сентябрь айынан басланды. Сол ўақытта жыл жуўмақлары бойынша саўда көлеми 27,6 млрд сумды қураған еди.

Автономерлерди аукционда сатыўдан түсетуғын қаржының 80 проценти мәмлекетлик бюджетке ҳәм 20 проценти – ИИМ Материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, хызметкерлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў қорына жибериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги