11-январь күни оқыўшы ҳәм студентлердиң қысқы дем алыс күнлери тамамланды. Усы күни республикамыздағы жоқары оқыў орынларының студент жаслары, орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери менен академиялық лицейлердиң, сондай-ақ, улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында тийисли қәнигелердиң қатнасында «Уллы баслама – уллы келешек» атамасында арнаўлы оқыў курслары өткерилди.

Усындай оқыў курсы Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында да болып өтти.

Оған филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Онда филиалдың агробиология факультети деканының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары О.Сейтмуратов, кафедра баслығы Б.Бекимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Арал теңизи, оның ҳәзирги жағдайы, экологиялық қыйыншылықларды жеңиў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, ҳақыйқатында да бүгинги күнде Арал теңизиниң орнында 5,5 миллион гектарлық саҳра пайда болды.

Ҳәр жылы атмосфераға 100 миллион тоннадан аслам шаң ҳәм дуз көтерилип, Европа қалаларына, Ирландия музлықларына, Норвегия тоғайларына, ҳәттеки, Антарктидаға дейин жетип бармақта.

Солай екен, әлбетте, Арал апатшылығы бир мәмлекет тәрепинен шешилиўи қыйын болған оғада аўыр машқала болып табылады.

Ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 72-сессиясында, тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, регионның суў ресурсларынан дурыс пайдаланыў, Арал апатшылығынан жәбир шеккен халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша анық пикирлер билдирген еди.

2018-жыл 27-ноябрь күни Нью-Йорк қаласында болып өткен мәжилисте Өзбекстан делегациясы қатнасып, бул жерде көпшериклик тийкарындағы Траст фонды дүзилди.

Сол күнниң өзинде Қатар, Норвегия, Қытай сыяқлы бир қатар мәмлекетлерден донорлық қаржылар келип түсип, булардың барлығы Арал машқаласының шын мәнисинде Дүньялық машқала сыпатында тән алынғанын дәлиллейди.

Ҳүрметли Президентимиздиң өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында 2019-2021-жылларда 500 мың гектарға сексеўил егиў бойынша берген тапсырмасы, республикамыз халқы тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып, бул бойынша жумыслар нәтийжели түрде әмелге асырылмақта.

Соны да айрықша айтып өтиў керек, Президентимиздиң Олий Мажлис палаталарына жоллаған Мүрəжатында да Арал теңизиниң суўсыз қалған бөлегиндеги 500 мың гектар жерге шөлге шыдамлы өсимликлер егиў ўазыйпаларын белгилеп берди.

Бул жумыслар ушын жергиликли бюджет есабынан 10 миллиард сумлық қаржы ажыратылды.

Илажда қатнасыўшылар ушын темаға байланыслы таярланған  видеоролик қойып берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.