2018-жыл 6-августта орынларда басшы кадрлардың тәжирийбесин арттырыўдың сапасын жақсылаў, оларға ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының аймақлық филиалларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Сол тийкарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 28-сентябрьдеги усы мазмундағы қарары менен 2018/2019-оқыў жылында жергиликли ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының аймақлық структуралары, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшы кадрларының тәжирийбесин арттырыў кестеси тастыйықланды.

Усы кестеге муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының Үргенш аймақлық филиалында бир ҳәптелик қысқа бағдарламалар тийкарында 72 саатлық оқыў курслары шөлкемлестирилди. Оған республикамыздың жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасында ҳәр қыйлы басшылық лаўазымларда жумыс ислеп атырған басшы кадрлар қатнасып қайтты.

Усы жыл 11-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Академияның Үргенш аймақлық филиалындағы тәжирийбе арттырыў курсларын табыслы тамамлаған тыңлаўшыларға сертификат тапсырыў мәресими болып өтти.

Оған тийисли тараў ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, филиалдың тәжирийбе арттырыў курсларын табыслы тамамлаған басшы кадрлар қатнасты.

Онда Академияның Үргенш аймақлық филиалының директоры Ф.Абдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Академияның аймақлық филиалларын шөлкемлестириў бойынша Президент қарарының мазмун-мәниси, мақсети ҳәм ўазыйпалары, филиаллардың бүгинги күндеги жумыслары, оның басшы кадрлардың тәжирийбесин арттырыўдағы әҳмийети туўралы айтып, әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап айтқанда, тыңлаўшылардың қурамы жергиликли мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық структуралары, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм басқа да шөлкемлердиң буйыртпалары тийкарында олардың басшы кадрлары ҳәм лаўазымлы хызметкерлеринен қуралып, даўамлылығы бир ҳәптелик қысқа мүддетли бағдарламалар бойынша тәжирийбе арттырады.

Тәжирийбе арттырыў курсы 72 саатлық болып, вебинар, сәўбет, тренинг оқыўларынан ибарат. Сондай-ақ, бул жерде тыңлаўшыларға еркин түрде билим алыўы ушын тапсырмалар бериледи ҳәм оларды орынлаў жуўмағында презентация, белгили бир кейс шешими ямаса илажлар режеси ҳәм жол картасы жойбарлары ислеп шығылады. Булардың барлығы заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық ҳәм инновациялық билимлендириў технологияларын қолланған ҳалда әмелге асырылады.

– Мен жақында Академияның Үргенш аймақлық филиалында 72 саатлық оқыў курсында тәжирийбе арттырып келдим,-дейди Шоманай районлық Медицина бирлеспесиниң баслығы Н.Сапаев. – Оқыўлардың барлығы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген екен.

Ол жерде ҳәзирги заманға сай түрде басшы кадр қандай болыўы керек, ўақыттан қалайынша үнемли пайдаланып, үлкен нәтийжелерге ерисиў мүмкин, деген сыяқлы көплеген сораўларға жуўап алдық. Интерактив усылда пикир алысыўлар болды. Бир-биримиз бенен тәжирийбе алмастық. Үйренгенлеримниң барлығын өз жумысымда қоллап, районымызда жасайтуғын халықтың денсаўлығын және де беккемлеймиз, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм басқа да жумысларымызды және де жетилистиремиз.

Илажда филиалдың тәжирийбе арттырыў курсларын тамамлаған тыңлаўшыларға белгиленген үлгидеги сертификатлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.