11-январь күни пайтахтымыздағы  2336-санлы орта улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Уллы баслама-уллы келешек» атамасында оқыўшы- жаслар арасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Өзбекстан Республикасы Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы Айсанем Бегимова шығып сөйлеп, жасларға Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында атап өтилген  Арал машқаласы себепли Аралқум саҳрасы пайда болғанлығы, ҳәр жылы 100 миллион тонна қум ҳәм дуз ҳаўаға көтерилип атырғанлығы, бул болса Арал апатшылығы глобал машқала екенин және бир мәрте атап өтти. Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарда «Траст фонды»ның дүзилиўи халқымыз ушын үлкен жетискенлик екенлиги, бүгинги күнде Арал теңизиниң суўсыз қалған аймағында жасыл тоғайлар жаратыўға айрықша итибар берилип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.

– Бүгин мектебимизде Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен Арал бойы регионын раўажландырыў,  теңиз ултанында тоғайлар пайда етиў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында көплеген мағлыўматқа ийе болдық, – дейди 36-санлы орта улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Әмир Турдымуратов. Биз жаслар жақсы оқып, әтирапымыздағы тәбиятты қорғап, тереклер егип, елимиздиң раўажланыўына үлес қоспақшымыз.

Оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы