Президентимиз Шавкат Мирзиёвтиң Олий Мажлиске Мүрәжатының мазмуны ҳәм әҳмийетин кең түрде үгит-нәсиятлаўға арналған руўхый-ағартыўшылық илажлар республикамыздың барлық орынларында өткерилмекте.

Атап айтқанда, республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларында, орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелери ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде жаңа жылдың дәслепки оқыў күнинде болып өткен «Уллы баслама – уллы келешек» атамасындағы арнаўлы сабақлар усындай илажлардың бири болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлис палаталарына Мүрәжатын үйрениўге арналған илаж Нөкис социал-экономикалық кәсип-өнер колледжинде де болып, оған Қарақалпақстан Республикасы Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы ўәкиллери, оқытыўшылар, оқыў орнының барлық оқыўшылары қатнасты.

– Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында ҳәм өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында  Мойнақ районын раўажландырыў, Арал теңизиниң қурып қалған ултанында 500 мың гектар жерге сексеўил тоғайларын шөлкемлестириў ҳаққында тапсырмалар бергени, Арал апатшылығынан жәбир көрген халқымызға Елбасшымыздың аталарша ғамхорлығының айқын көриниси болып табылады, -дейди Нөкис социал-экономикалық колледжиниң тарийх пәни оқытыўшысы А.Әлимбетов. – Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үндеўи де жәрияланып, жумыслар қызғын баслап жиберилди. Келешекте бундай илажлар Мойнақ районының экологиялық жағдайын жақсылаўға, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәжилисинде көп шериклик тийкарында Траст фондының шөлкемлестирилиўи  Арал апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген жағдайды жумсартыў бағдарындағы тарийхый қәдем болды.

«Уллы баслама – уллы келешек» атамасындағы арнаўлы сабақ Нөкис автомобиль – жол хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип өнер колледжинде де болып өтти.

Арнаўлы сабақларды өткериўден мақсет – Президентимиздиң Мүрәжатынан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында жасларға кең түрде түсиник бериў, онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў болып табылады.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.