Өмирбай Өтеўлиев,

Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист.

 

Сыр сандығын ашқанда…

ТӨРТ АЯҒЫН ТЕҢ БАСҚАН ҚАСҚЫР МА Я ДАЛАНЫ ГЕЗГЕН АЛДАМШЫ РУЎХ ПА?

 

Ҳәр қандай пүтин баслы шығарма газета-журналларда  жарық көргени, өз алдына китап болып шыққаны менен қайта басылымларында сөзсиз толықтырыў яки қысқартыўларға ушырайды. 2006-жылы оқыўшыларымның қолына тийген «Барсакелмес аспанында аққан жулдыз» атлы китабымда, усы атамадағы ҳүжжетли очеркиме қосымшалар киргизиўдиң зәрүрлиги сезилди.

Китап оқыўшыларына түсиникли болыўы ушын очерктиң мазмунын қысқаша еслетип өтейин. Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас басқармасы хызметкери, бажыхана хызмети майоры Аман Қыдыровтың басшылығында арнаўлы топар дүзилип, Үстирт тегислигиндеги мәмлекетлик шегара бойлап рейдке шығады. Автомашинасының жанар майы таўсылып, жаяў адасқанда топар басшысы Аман Қыдыров қайтыс болған, қасындағы кәсиплеси Қуўат тири қалады.

– Китабыңызды қызықсына оқыдым. Қуўаттың маған айтқанларын қайта басылыўында қоссаңыз жүдә тәсирли шығар еди, – деген Қоңырат медицина колледжиниң оқытыўшысы Амангүл сөз баслады.

– Емлеўханада ярым ставка жумыс ислегенликтен сол күни нәўбетшилик гезегим еди. Таңға жақын, бажыхана хызметкерлери өз машинасында Үстиртте адасқан кәсиплеслерин жеткерди. Өлгенин моргқа жиберип, тирисине биринши медициналық жәрдем түрлерин көрсете басладық. Жүзин суўық сорыған, үстиндеги кийимлери жыртық, азғын жигитти тынышландырыў ушын уйқылататуғын дәри салғанымыз бенен жөнли тәсир етпеди. Қайта-қайта шоршынып, «Аман аға, қаяқтасаң! Мен мени таслап кетпеймен…» деп сандырақлап баслады. «Мени өлимнен ким қутқарғанын билесең бе! Қасқыр, қасқыр…» деп мушларын түйип, тислениўи менен палатаны ерсили-қарсылы гезди. «Мени кешир, Аман аға! Қасыңда бола алмадым…» деп еңк-еңк жылап, биразға шекем солығын баса алмай отырды.

– Күндиз жыллы, түнге қарай қатты суўытты. Жолға алып шыққан еки баклажка суўымыз таўсылып, үшинши, төртинши күнге қарай шөллеп басладық. Ой жерге жыйналған дузлы суўды ишкен Аман ағаның иши өтип, ҳәлсиреп қалды. Маған ишкизбеди. Аўыр салмақтағы ағамызды арқаламақшы болдым…

– Бир-биримиздиң бетлеримизге қарасып, ҳәрекетсиз отырмайық, Қуўат! Үстирттиң үстинде тиришилик қайнап атыр. Жолға шығып кетсең темиржолшы, геолог, шопан, жолаўшылардың биреўи болмаса биреўи гезлеспей турмайды. Бәлким, анаў күнги жолсыз жүрген жеңил машынлы изине қайтар! – дегендей сөзлер менен алдастырғысы келди.

– Сизди жалғыз қалдырмайман!-деп болмас ислер боларын кеўлим сезгендей жер тепсиндим.

– Мени дурыс түсин, жағдайға қарап ис тутайық…

Түнде тоңбаў ушын бир күнге жетерлик қурғақ отынды сол әтираптан жуўырып-жорта жыйнап, лаўлата от жақтым. Хошласар ўақытта баўырына тарта қушақлап, «Бизлердиң жумысларымызда бундай қыйыншылықлар жийи гезлеседи. Түби аманлық болғай, инсаплы, меҳир-мүриўбетли адамларға гезлескейсең. Дүздиң аты дүз, шеткери жерлердиң адам көрмеген қасқырлары жыртқыш. Қурықол жүрме!» деп пышағын берди. Оның менен теңдей нешше күнлеп тик аяғымның үстинде жүрип-турып, ыссы аўқат ишпей, уйқым шала болғанға тек сүлдерим қалған еди. Хошласып кеткеним менен басымның аўған жағында бир жығылып, бир турып, өңмеңимди тек алдыма қарай таслаўды ғана билдим. Аман ағаның үйретиўи бойынша жүрген жолыма «үш мүйеш» белги қойып, биреўлер байқап қалса излеў салар деп үмитленгендей күним еди.

Қараңғы түсиўден тумлы-тусларымда қасқырлар улысып, қол созым жерде тислерин ақшыйта, көзлери ушқынланыўы менен ортаға алысты. Тумсықларын тумлы-тусқа созып улысса бирин-бири шақырысқаны екен. Аяғымды томар қағып, сүрине жығылсам бас ушымда дөгереклеп, мүләйим ғана шоңқайысып отыр екен. Орнымнан турыўға ҳалым келмесе көгис жүнли арланы қылыштай өткир, гүрек тислери менен ҳазарсыз тислеп, аяғымның үстине тартқышлап мингизер еди. Қойдай алдына салып айдаўы менен жолда еки түнетти. Қанға толы көзлерин айырмай қарап, қорқынышлы даўысы менен ырылдаса бойыма ғайыптан күш-қуўат дарығандай болады. Таң атарға жақын гүмбезлери булдырап көринген қойымшылыққа жақынлатып, өзи көринбей қалды. Қазғанақ жолда батып атырған, изинде тиркемеси бар «КамАЗ» машынның қасына әсте-әсте жақынластым. Кабинасында уйықлап жатырған шофёр менен жолдасларының көзлери маған түсиўден «Жин бе, шайтан ба!» дегендей, жүреклери суўлап, қорқысқанынан бақырысты. Оларға бажыхана хызметкери екенимди айтып, сорда қалған Аман ағаға тезирек жәрдем бериўин өтиндим. Маған из-аздан суў ишкизип, нанды қыйқымлап жегизбесе жаман аўҳалға түсеримди билипти. Батқан машынды ертеңине кешке қарай шығардық та Аман аға қалған сорға қарай жолға түстик…» деп көзлери жумылыўы менен үнсиз қалды.