Усы жыл 11-январь күни Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң, Самарканд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалларында жаңа оқыў жылы басланды.

Усы мүнәсибет менен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң ректоры М.Балтабаев, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген тренер М.Каукешов, Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария комитетиниң баслығы М.Қайпанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен республикамызда жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, бүгинги күн ушын зәрүр болған қәнигелер таярлаўға айрықша әҳмийет берилмекте. Жаңа жылдың дәслепки күнлеринде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң, Самарканд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалларының ашылыўы халқымыз ушын әжайып жаңа жыл саўғасы болды.

Соның ишинде, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалына көркем гимнастика, дзюдо, баскетбол, волейбол, ескек есиў, еркин гүрес, мектепке шекемги ҳәм басланғыш тәлимде денетәрбиясы ҳәм спорт бағдарлары бойынша 50, Самарканд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына ветеринария медицинасы (қара маллар кеселликлери), зооинженерия (жылқышылық  ҳәм түйешилик), зооинженерия (балықшылық) бағдары бойынша  30 студент қабыл етилди.

Жаңа филиалларда студент-жаслардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, оқыў, лаборатория, заманагөй компьютер бөлмелери, мәлимлеме-ресурс орайлары болып, олар керекли оқыў әдебиятлары, спорт инвентарлары менен тәмийинленген. Студент-жасларға тәжирийбели профессор-оқытыўшылар тәрепинен тәрепинен тәлим-тәрбия бериледи. Филиаллардың искерлигин буннан былай да арттырыў, жоқары маман қәнигелер таярлаў мақсетинде елимиздеги, сондай-ақ, бир қатар сырт еллердеги абырайлы жоқары оқыў орынлары ҳәм  илим-изертлеў институтлары менен жақыннан байланыслар орнатыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

-Бул филиаллардың ашылыўы биз жаслар ушын күтилмеген саўға болды,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студенти Гүлқумар Жанназарова.-Өзим көркем гимнастика бағдары бойынша оқыўға қабыл етилдим. Келешекте жоқары қәнигели тренер болып жетилисип, бар билим ҳәм тәжирийбемди жас спортшыларды таярлаўға жумсайман.

Илаж соңында филиалларға қабыл етилген студент-жасларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.