Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм онда Арал бойы аймағында жасыл қапламалы тоғайлықларды пайда етиў мақсетинде алдағы исленетуғын жумысларды үгит-нәсиятлаўға бағышланған «Уллы баслама – уллы келешек» атамасындағы арнаўлы сабақ болып өтти.

Сабақты академик Ж.Базарбаев ҳәм профессор К.Алламбергеновлар алып барды.

Шығып сөйлеўшилер тәрепинен айрықша атап өтилгениндей, тиккелей Президентимиз басшылығында Арал бойы аймағын, әсиресе, Мойнақ районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм экологиялық апатшылықларға қарсы гүресиў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар үлкен тарийхый әҳмийетке ийе болмақта.

Атап айтқанда, 2018-жылдың 24-август күни Түркменстанның Түркменбашы қаласында Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының кеңесинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға сүрилген жаңа концепция ҳәм бул басламалардың әҳмийети БМШның 72-сессиясындағы Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде де атап өтилиўи дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын және бир мәрте Арал бойына қаратты.

Бул басламалар өз нәтийжесин берип, БМШның Арал бойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды шөлкемлестирилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында да усы экологиялық жағдайға және бир мәрте тоқталып, 2019-жылы Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында 500 мың гектарлық жасыл қапламалы тоғайлықларды пайда етиў бойынша анық көрсетпелерди берип өткен еди.

Ҳәзирги ўақытта теңиздиң қурыған ултанындағы 37 мың гектардан аслам жерге сексеўил туқымы сеўилген болса, 131 мың гектардан аслам жер сексеўил егиў ушын таярлап қойылды. Өткен жылдың 17-декабринен басланған бул уллы жумысларға барлық ўәлаятлардан ҳәм республикамыздың барлық районларынан қәнигелер қатнаспақта.

– Президентимиздиң өткен жылы ноябрь айындағы Қарақалпақстанға сапары даўамында Мойнақ районына барып, халық пенен ушырасыўы ҳәм районды комплексли раўажландырыў, бул жерде ҳүким сүрип атырған экологиялық апатшылыққа қарсы гүресиў ушын анық тапсырмалар бергени, сондай-ақ, район жасларынан 50 ин медицина ҳәм педагогика тараўлары бойынша мәмлекетлик грант тийкарында жоқары оқыў орынларында оқытыў мәселесин көтергени халқымыз ушын үлкен қуўаныш болды. Әсиресе, «Мәденият енди Мойнақтан таралады» деп айтқан гәпи биз ушын үлкен исеним ҳәм мақтаныш бағышлады, – дейди институтқа мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилген мойнақлы студент Гүлнара Көптилеўова. – Бундай уллы басламалардың барлығы халықтың абаданлығы ушын исленип атырған ийгиликли ислер, деп ойлайман.

Илаж сораў-жуўаплар ҳәм өз-ара пикир алмасыўлар менен даўам етти.

«Уллы баслама – уллы келешек» атамасындағы арнаўлы сабақлар институттың барлық факультетлеринде өткерилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.