Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң барлық факультетлеринде жаңа жылдың дәслепки оқыў күни  «Уллы баслама-уллы келешек» атамасындағы арнаўлы сабақ пенен басланды.

-Бул арнаўлы сабақларда студент жасларға тийкарынан мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясындағы, сондай-ақ, 2018-жыл 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзлери, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди,-дейди университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов.- Буннан тысқары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкемлестирилиўи, жақында Аралдың қурыған ултанында болып өткен Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясында додаланған мәселелерге тоқтап өтилди.

Арнаўлы сабақларда атап өтилгениндей, Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде дүнья еллериниң итибарын Арал машқаласына қаратыўы, 2018-жылдың 27-ноябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәжилисинде Траст фондының шөлкемлестирилиўи халқымыз турмысындағы тарийхый ўақыялардан бири болып табылады. Президентимиз өзиниң Олий Мажлиске Мүрәжатында Арал апатшылығы бүгинги күнниң глобал машқаласы екенине және бир мәрте тоқтап өтти. Бүгинги күни Арал теңизиниң суўсыз қалған аймағында жасыл тоғайлар жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул ийгиликли иске тек ғана республикамыз емес, ал елимиздиң барлық ўәлаятларынан жумысшылар қатнаспақта. Бул ҳаққында жақында «Арал ҳәм Мойнақ тәғдири: теңиз шегинип атыр, бирақ инсан шегинбейди» атамасында болып өткен Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясында да кең түрде сөз етилди.

-Болып өткен арнаўлы сабақ бизлерде айрықша тәсир қалдырды,-дейди физика-математика факультетиниң 3-курс студенти Дәўлетбай Сәрсенбаев.-Президентимиз тәрепинен экологиялық аймақта жасап атырған халықтың турмыс шараятын жақсылаўға айрықша итибар қаратылып, жаслардың билим алыўы, кәсип өнер ийелеўи ушын барлық шараятлар жаратылып берилмекте. Быйылғы жылдың өзинде республикамызда үш жоқары оқыў орны филиалларының ашылыўы, Мойнақ районы жасларының жоқары оқыў орынларына қосымша квота тийкарында қабыл етилиўи, қала ҳәм районларымызда, ҳәттеки, аўылларымызда да барлық шараятларға ийе мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумыс баслаўы мине усы итибар және ғамқорлықтың нәтийжеси болып табылады.

Усы атамадағы арнаўлы сабақлар республикамыздағы басқа да оқыў орынларында болып өтти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.