Өмирбай Өтеўлиев,

Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист, жазыўшы.

 

СЫР САНДЫҒЫ АШЫЛҒАНДА…

 

«ҚАРАТЕРЕҢ» – АРАЛДЫҢ ҮШИНШИ КӨЗИ, ТӨРТИНШИСИ ҚАЙДА?

Жүргенге жормал илинеди. Нағашбай исимли қыяметлик достымның бир жерде байлап қойсаңда турмайтуғын ҳәрекетшеңлигине таң қалар едим. Баспаханадан газета-журналлар шықпайтуғын базар ҳәм дүйшемби күнлерден басқа ўақытлары дәрьяның арғы-берги жүзиндеги районларға рейстеги жолаўшы автобуста хат-хабарлар жеткеретуғын почта хызметкери. Елеге шекем арзымаған себеплерге бола аўылын таслап көшкенине өкинеди. Узақ жолларда ҳасла зерикпедик. «Аралдың төртинши көзин таптың ба!» десем ески дәртлери қозғалып: «Излегенимнен дерек шықса ең биринши сизден сүйинши сорайын…» деген ҳәр дайымғы жуўабы тайын. Сөзге келсен уйытатуғын Нәкең бүгин йошлы еди.

– «Бөрши» таў етегиндеги тас бадияға қуйылған суўдай мөлдиреген «Қаратерең»ниң бойында туўылып өстим. Жағалары қамыс-қоғалық, желкилдеген жекенлердиң арасы қус баласы толы. Балығы сыбайлас, «Маў»дың көлиндегиден  мазалы терең суўдың толқынлары да үлкен. Аты-затына сай, шуқыр жерлериндеги күнниң көзин көрмей жатқан ылақа жайынлары ўақты-ўақты бетине көтерилсе суўы кенарына сыймай шайпатыла төгиледи. Жақын аралықта қар-жаўынның қысы-жазы жерге сиңбейтуғын «қақ суўы», «Тырна тақыр»дан урыс жыллары самолётлар ушып қонған…

Ойын баласы болғанымыз ушын көлге еки бойынша қоңыраўлы шеңгеллер бүркеген арба жолда бир-бирлеримизге асылысып, қорқа-қорқа барар едик. Әке-шешелеримиз «Дүздеги жабайы аң-қустан сақланың, жыңғылларға өрмелеген жыланлар уўлы…» деп скертер еди.

«Қаратерең»ниң суўы менен балығы, тәбийғый көрки, өткен әсирдиң 70-жыллары районымыз салыгершиликке айланып, көлге таза суў түспей қалғаннан баслап бузылды. Қуўатлы чех насосларының күши менен изейкешлердеги түрли химикатлар аралас сырқынды, қалдық суўлар ағызыла бергенге көлеми кеңейип, жағалаўларындағы отырықшы аўыллар мәжбүрий көширилди. Көлдеги балықлар порсып, жағалаўлары көрик берген шөп-шарларына шекем қуўраған соң ең қәдирли затымыздан айрылғанымызды билистик.

Атақлы философтың «Бардан жоқ болмайды, жоқтан бар…» деген теориясына сү         йенгенимизде тәбийғый зат – суў, бизиң аймағымызда азайғаны, бир түрден екинши түрге айланар екен. Жердиң безилдеген жанлы жарасы – кийели Арал – Каспий менен киндиклеслиги ҳаққында қыялый ҳәм илимий болжамлар оқып, аңыз-әңгимелер айтылады. Балықшы аталарымыз «Аралда төрт көз бар, бириншиси, теңиздиң дәл ортасында, қара үйдей орынға суў ийримлене, жерге сиңип ағады. Екиншиси Үстирттеги «Гүркиреўик»тиң қудығы қумандай қайнаса пақырлысы узақ-узақлардан еситилип, түнде жүргенлер сескенеди. Қудықтағы гейде ярым, базыда толы, қол күйдирерлик суўына зат тасласаң көз илместей ағысы ығызып кетеди. Үшиншиси «Қаратерең», сонда төртинши көзи қайда! Қазақстанлы илимпазлар теңиз ортасындағы сексеўил томарларының жасы бир неше жүз жыллық екенин анықлап, музейине қойған. Мойнаққа кире беристеги теңиздиң төрине қарай өрлеген ойдым-ойдым «Түйе жол» әййемги «Жипек жол»ға жалғас. Демек, тарийх бетлерине жазылғанындай, теңиз-теңиз болғалы бир нешше рет толып-тасқаны анық…

Өткен әсирдиң 30-жыллары – илимпазлар Каспий теңизине бекире өршитиў ушын елиў-алпыстайын сырғалап жиберсе бир жақтағы Аралда жүзип жүрген. Жер қәддинен бири бийик, бири пәсте жайласқан еки теңиздиң байланысы бар екенин муқыятлап тексериў ушын бояў ағызса да және Аралда көринеди. Таң қалғандай тәбийғый қубылыс, географиялық ашылыўлардың жан-жақлама изертлеўлерине урыс кесент келтиргендей болады. Еки аралықты жалғастырыўшы жер асты дәрьяларының барлығы дәлиллингени менен еле берин сыр тутылмақта. Дәслепкиси 1940, кейингисине 1960-жыллары тарнаўлар қурылып, тамшы суўын тамызбай байланады. Жер асты қурылмаларының қурылысларында урыста тутқынға түскен, өлимге ҳүким етилгенлер ислепти. Аўылға қашып келген биреўи қупыясын жәрия етеди. Аралдың суўы 1960-жыллардан баслап азайса, ал Каспий жылдан-жылға тасып атырғанын көрип-билим жүрмиз…»

Бүгинги күнде де дүньяның төрт мушынан ағылып келетуғын сырт елли саяхатшылар теңиз ултанындағы үйин-үйин көшпели, дузлы қумларға көмилген «корабльлер қойымшылығы»н сылтаўласа да маған усап теңиздиң «Төртинши көз»ин излеп жүргендей бола береди.

Жерине қарай жыланы, таўына қарай қуланы жайлағанындай жақында Нөкислеп келген бир аўылласым Аралдың ортасындағы атаўларда тиришилик еткен кийиклер суўсырап, «Қаратерең»ге аўып келгенлерин айтты…