Қараөзек районында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў‚ миллий спорт түрин раўажландырыў, сондай-ақ елимиз бойлап әмелге асырылып атырған әскерий ўатансүйиўшилик айлығы, сондай-ақ, «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен спорттың өзбек жаўынгерлик өнери түринен «Ўатан муқаддес, оны қорғаў әдиўли миннет» атамасында  спорт илажы ҳәм район ашық бириншилиги шөлкемлестирилип‚ онда райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң усы спорт түри менен шуғылланыўшы жаслары, сондай-ақ, Тахтакөпир, Әмиўдәрья районларынан спортшылар қатнасты.

2000-2010-жыллар аралығында туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында өткерилген район бириншилигинде спортшылар жигирма еки салмақ бойынша миллий спорт түриниң «жеке беллесиў» жөнелисинен гилемде күш сынасты. Бириншилик жуўмағында қараөзекли спортшылар командалық есапта жеңимпазлықты қолға киргизди.

Ҳәр бир салмақ бойынша жеңимпазлар дәрежели диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, спорт федерациясы ҳәм мәмлектелик грант жойбары тәрепинен өткен жыл жуўмағы бойынша миллий спорт түрин үгит-нәсиятлаў ҳәм бирге ислесиўдеги белсендилиги ушын бир қатар тараў ўәкиллери, жыл даўамында Өзбекстан көлеминде өткерилген спорт жарыслары жеңимпазлары сыйлықланып, хошаметленди. Және де, мәмлектелик грант жойбары қаржылары есабынан Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектепке миллий спорт қураллары тапсырылып, бул орында район жаслары спорт түринен шынығыў алып барыўы ушын шараятлар жаратылды. Шөлкемлестириўшилер ҳәм бирге ислесиўши мәкеме, жәмийетлик шөлкемлер жойбар илажлары менен танысты.

Жарыс соңында спортшыларға байрам концерти қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги