Елликқала районы ҳәкимиятының мәжилислер залында болып өткен Өзбекистан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының гезектеги мәжилисинде «Жас тутыныўшы» стипендиясы бағдарламасы таярланып атырғанлығы ҳаққында сөз етилди.

Усы стипендия 14 жастан 30 жасқа шекемги белсенди, жас тутыныўшы сыпатында жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе жасларға бериледи. Ҳәзирги ўақытта усы стипендия бойынша таңлаў жәрияланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги