Өткен жылдың декабрь айында сарымайдан 100 миллион сумлық утыслы жетон тапқан тахтакөпирли жигит ҳаққында хабар берген едик.

Kar24 хабаршысы Тахтакөпир районына барып, жеңимпаз бенен сәўбетлести.

Кәсиби қараўыл болған Қурал Мәденов райондағы дийқан базарынан сарымай сатып алған ҳәм ишинен утыслы жетон шыққан.

– Басында 100 миллион сумды ала алмасам керек, деп ойладым. Берилген телефон номерлери менен байланыстым. Олар өзлериниң Нөкис қаласындағы дилерлик шақапшасына барыўымды айтты. Ол жерге барып хабарластым. Бир айға бармай утыс пулын пластик карточкама түсирип берди, – деп айтып өткен Қурал Мәденов.