Интернетте Франциядағы Лувр музейине 2018-жыл ең көп адам барғаны, яғный рекорд дәрежеде екени хабар етилмекте.

Музейди 2018-жылы 2017-жылғы көрсеткиштен 25 есе көп, яғный 10 миллионнан аслам адам барып тамашалаған. Оған барыўшылардың басым көпшилигин АҚШ, Қытай, Бразилия және Европа аўқамы мәмлекетлериниң пуқаралары қурайды.

2012-жылы музейге 9,7 миллион адам барып буннан саррас алты жыл бурын усындай рекорд орнатылған еди.

Луврға келиўшилер санының өсиўин Абу-Даби филиалының ашылыўы, музей залларында Beyonce және Jay-Z клиплериниң түсирилиўи менен байланыслы болыўы мүмкин екенлигине байланыстырылмақта.