Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясы биринши мәрте Нөкис қаласынан дерлик 300 километр узақта – Аралдың қурыған ултанында өткерилди.

«Арал ҳәм Мойнақ тәғдири: теңиз шегинип атыр, бирақ инсан шегинбейди» атамасында өткен сессия жасалма жолдас арқалы жанлы эфирге берилди. Бул илаж өткерилген жерде 50-60 жыл бурын 56 метрлик суў болған. Ҳәзирги ўақытта бул аймаққа сексеўил егилип, өзине тән тоғайға айландырыў илажлары көрилмекте.

Сессияға Өзбекстан Парламенти депутаталары, Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң басшылары, қала ҳәм районлар ҳәкимлери, илимпазлар, исбилерменлер, Мойнақ халқы ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша пикир алысылды. Елбасшымыздың тек ғана Олий Мажлиске емес, ал пүткил халқымызға жоллаған Мүрәжатында Арал ҳәм Мойнақ темасына айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.

– Арал теңизи 45-50 жыл даўамында бир әўладтың көз алдында жоқ болып кетти, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов. – Ҳәзир теңиздиң қурыған майданында жүдә үлкен саҳра пайда болып, оннан жылына 100 миллион тонна дузлы шаң көтериледи. Бул шаң-тозаңлар алыс-алысларға – музлықларға, Европа мәмлекетлерине, Норвегия тоғайларына шекем жетип бармақта. Жәҳән машқаласына айланған Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша Ҳүрметли Президентимиз әмелий басламалар менен шықты ҳәм бүгинги күнде оның дәслепки нәтийжелери көринбекте. Президентимиз БМШ Бас ассамблеясының 72-сессиясында бул машқалаға дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартқан еди. Жақында БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды шөлкемлестирилип, оған дәслепки күнлерден-ақ Япония, Норвегия, Катар ҳәм Саудия Арабстаны мәмлекетлери мәлим муғдардағы қаржыны қаратты.

Президентимиз өткен жылдың ноябрь айында Қарақалпақстанға сапары ўақтында Мойнақ районына да барды ҳәм халық пенен пикирлести. Олардың тилеклери менен пикир-усынысларын тыңлады ҳәм сапардың жуўмағы менен Қарақалпақстан бойынша Бағдарлама қабыл етилди. Бул бағдарламаға 973 жойбар киргизилген. Усы жойбарларды әмелге асырыў ушын дерлик 12 триллион сум қаржы ажыратылыўы режелестирилген. Бул жойбарлар тийкарында 12-13 мыңға жақын жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Президентимиздиң 2017-жыл 28-февральда «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын 2017-2018-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Усы ҳүжжет пенен қабыл етилген еки жылға мөлшерленген бағдарлама бойынша Мойнақта заманагөй мийманханалар, социаллық объектлер, киши санаат зоналары қурылады. Халықтың әсирлик әрманы болған 101 километрлик ишимлик суў қубырлары тартылды.

Сессияда атап өтилиўинше, Мойнақта Судочье, Мойнақ қолтығы, Междуречье, Жалтырбас сыяқлы 10-17-мың гектарды қурайтуғын көллерди сақлап қалыў ҳәм балықшылықты раўажландырыў бойынша бағдарлама исленбекте. Бул көллерден усланған балықлар Мойнақ консерва заводына жеткерип бериледи және көллердеги қамыслар районда қурылып атырған ДСП заводының шийки заты болып хызмет етеди.

Мәмлекет басшысының Арал машқаласын шешиўге жаңаша қатнасы бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Б.Алихановтың атап өтиўинше, ярым әсирден берли Арал машқаласын шешиў бойынша «пышаққа илинетуғын» ҳеш нәрсе исленбеген. Минберлерде, мәжилислерде «Арал, Арал» деп қуры жар сала бергенбиз, бирақ итибарлы нәтийжеге ериспегенбиз.

Бүгин бул жерде алып барылып атырған жумыслар адамды таң қалдырады. Аралбойы аймағын экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы деп бийкар атамады. Аралдың қурыған ултанында сексеўил егиў жумысларына басшылық етиў Айрықша жағдайлар министрлигине тапсырылды. Қорғаў тоғайларын жаратыў мақсетиндеги жумыслар 2018-жыл 17-декабрьден басланды. Бул илажға Қарақалпақстан Республикасынан 217, республикамыздың 11 ўәлаятынан 290, жәми 507 инженерлик ҳәм аўыл қурылысы техникалары Аралдың қурыған майданына мобилизацияланды. Мойнақта 45 километр узақлықта Аралдың қурыған ултанында штаб шөлкемлестирилди.  Усы күнге шекем 77 мың 997 гектар майданда қум сақлайтуғын қарықлар тартылды. 27 мың 215 гектар майданға сексеўил туқымлары себилди ҳәм нәллери отырғызылды. Буннан тысқары, самолётлар жәрдеминде 18 пәрўаз әмелге асырылып, жәми 4 мың 400 гектар майданға сексеўил туқымлары себилди. Бул иске тийисли илимпазлар да тартылып, топырақ анализлери алынбақта.

Усы жерде Мойнақ далаларында өсип турған сексеўил туқымларын жыйнап штабқа жеткерип берип атырған адамлардың жәрдемин айрықша атап өтиў орынлы. Мағлыўмат орнында сексеўил туқымының 1 килограммы 15 мың сумнан сатып алынып атырғанын айтып өтиў керек. Бир адам күнине 10 килограммға шекем туқым жыйнаў имканияты бар. Бул бир күнде 150 мың сум дегени. Мойнақлылардың атап өтиўинше, айырым шаңарақлар бир күнде 800 мың сум пул алмақта. Мағлыўматларға қарағанда, мойнақлы 600 адам усы жумыс пенен бәнт.

Аралдың қурыған ултанында өткерилип атырған илажларға 1 мың 300 ден аслам адам тартылған, олардан 900 адам туқым териўге ҳәм қалғанлары егиўге қатнаспақта.

Өткен жылы Қарақалпақстанға жаўған дуз бораны көпшиликти тәшўишке салып қойды. Орынларға шығып, бул дуз аралас шаңлы тозаңның аўыл хожалығына зыяны қәнигелер ҳәм илимпазлар тәрепинен үйренип шығылды ҳәм дузлы қумлар аўыл хожалығы егинлериниң жапырағына жайласып жоқары бөлегин қаплап алған және жапырақты күйдирип, қуўратып қойғаны мәлим болды. Буннан соң аймақта бронхиал астма ҳәм аллергиялық ренит кеселликлери ҳәўиж алды. Мине усындай машқалалардың алдын алыўда сексеўилзарлықлар жаратыў зәрүр.

Аралдың қурыған ултанын тоғайға айландырыў әне усындай экологиялық, экономикалық ҳәм социаллық машқалаларға шешим бола алады. Бул машқалаға тийисли илаж көрилмегенде 20-30 жылдан соң жағдай буннан да жаман түс алған болар еди.

Сексеўил өзинен кислород шығарады ҳәм ҳаўаның патасланыўының алдын алады, бул – ҳәзирги алып барылған илаждың экологиялық мазмуны. Тоғайлар пайда болғаннан кейин аймақта жайлаўлар пайда болады, шарўашылық раўажланады. Бул болса экономикалық мәселелерге шешим болады ҳәм усының нәтийжесинде халықтың социаллық жағдайы жақсыланады.

Бир қатар араб мәмлекетлеринде саҳрадан туризмди раўажландырыўда нәтийжели пайдаланылады. Түйелерде сейил етиў, саҳраларда раллилер шөлкемлестириў, аң туризми ҳәм басқа имканиятларымызды иске салыў ўақты келди. Бул да социаллық-экономикалық шешим болады.

Халықаралық пресс-клубтың бул сессиясы даўамында саўаплы иске қол урылғаны, яғный, жанлы эфир арқалы Мойнақта алып барылып атырған кең көлемли жумысларға өз үлесимди қосаман, яғный қайыр-сақаўат ислеўди қәлеўшилер ушын арнаўлы есап бети ашылғаны жәрияланды. Бул есап бетине қысқа ўақыт ишинде жерлеслеримизден 6 миллиард сумнан аслам пул келип түскени атап өтилди. Бул есап бетине келип түскен қаржылар болса аўыр шараятта мийнет етип атырған жерлеслеримизге ҳәр тәреплеме шараят жаратыў, тоғайлар жаратыўдағы басқа да мақсетлерге қаратылады.

Илажда елимиздиң барлық орынларынан, ҳәттеки басқа  мәмлекетлерден де жерлеслеримиз баслаған қайырлы иске ат салысатуғынын мәлим етти.

Есимхан ҚАНААТОВ,

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

ӨзА