Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлигин орынлаў мақсетинде республикамызда 2018-жыл 15-декабрьден 2019-жыл 15-январьға шекем «Ўатансүйиўшилик айлығы» өткерилмекте. Барлық орынларда «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» деген улыўма идея астында кең көлемли шөлкемлестириўшилик, руўхый-ағартыўшылық илажлары, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Усыған байланыслы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде «Мәнаўият сааты» өткерилди. Оған Кеңестиң аппарат хызметкерлери, кәсиплик аўқамларының ағзалары, белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажды бирлеспе Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров алып барды.

«Мәнаўият сааты»нда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы, доцент О.Юсупов, Арқа-Батыс аскерий округи батальон командириниң орынбасары майор Д.Исраилов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлердиң Жоқарғы Бас Сәркардасы Ш.Мирзиёевтиң басшылығында әскерий тараўда әмелге асырылып атырған реформаларға кеңнен тоқтап өтти.

Бүгинги күндеги әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын жаратылып атырған шараятлар, мүддетли әскерлер ушын енгизилген жаңалықлар туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Ўатанды қорғаў жасы, тараўы ҳәм кәсибине қарамастан ҳәр бир пуқараның ҳақыйқый мақтанышлы парызына айланбақта.

Бундай илажлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.